Кейинги үш жылда әмелге асырылған жумыслар, қаржыландырыў көлеми ҳәм әмелий нәтийжелер ҳаққында мағлыўмат берилди.
Усы дәўирде жол тараўына дерлик 40 триллион сум қаржы қаратылып, 63 мың километр жол қурылды ҳәм оңланды. Сырт елден тартылған қаржылар көлеми 3 есеге артып, 2025-жылы 1,2 миллиард долларға жеткен. Үлгили шаблонлар орнына ҳәр бир аймақтың геологиялық ҳәм экологиялық өзгешеликлерин есапқа алған ҳалда жойбарлаў әмелияты енгизилди. Заманагөй қапламалар ислеп шығылып, жоллардың хызмет мүддети 1,5 есеге артты.
Презентацияда тараўдағы машқалаларды шешиў бойынша усыныс ҳәм режелер таныстырылды. Улыўма пайдаланыўдағы жоллар, ишки жоллар ҳәм көпирлерди оңлаў ҳәм қурыўда алдынғы тәжирийбе ҳәм дүньяда сынақтан өткен технологиялардан пайдаланыў жетерли емеслиги көрсетип өтилди.
Келеси жылда 21 мың километр автомобиль жолларын қурыў ҳәм оңлаў, 14 мың километр топырақ жолларды шебень тас пенен қаплаў, 325 көпирди оңлаў режелестирилген.
Салмағы нормадан зыят жүк машиналарының ҳәрекетлениўи ақыбетинде 1 мың 800 километр жол бузылғаны көрсетип өтилди.
Усы мүнәсибет пенен жүк транспортының салмақ қадағалаўын тәмийинлеў мақсетинде өлшеў қураллары менен тәмийинленген пунктлер тармағын кеңейтиў режелестирилген. Ҳәзирги ўақытта 9 тәрези орнатылған, және 8 сондай объект үскенелеў процесинде. Келешекте және 35 мобил ҳәм турақлы қадағалаў-өлшеў пунктлерин шөлкемлестириў ўазыйпасы қойылды.
Жуўапкерлерге салмақ ҳәм габарит қадағалаўына байланыслы барлық процесслерди қамтып алған уйымлараралық электрон мәлимлеме системасын енгизиў бойынша тапсырма берилди. Сондай-ақ, ҳаўа-райынан келип шығып, аўыр жүк тасыйтуғын транспортлардың ҳәрекетин мәўсимлик шеклеў тәртиби ислеп шығылады.
Бүгинги күнде "Басламалы бюджет" шеңбериндеги жаңа жоллардың 61 проценти, ишки жоллардың 92 проценти жеке меншик сектор тәрепинен қурылмақта. Узақ ўақыт мәмлекет монополиясында болған жолларды сақлаў процесине де исбилерменлер әсте-ақырын тартылмақта.
Бул тәжирийбени кеңейтип, келеси жылы 3 мың километр, 2030-жылға шекем болса 6 мың 300 километр жолларды оңлаўға исбилерменлерди тартыў режелестирилген. Буннан тысқары, Азия раўажланыў банкиниң қатнасыўында 86 районда қурылатуғын жолларды толық жергиликли жумысты бөлип алып ислеўшилерге бериў зәрүрлиги атап өтилди.
Тараўда санластырыў дәрежеси төмен екенлиги көрсетип өтилди - 59 хызметтен тек ғана 20 сы санластырылған. Келеси жылы және 28 хызметти онлайнға өткериў, ақыллы транспорт системасын енгизиў, 7 жаңа электрон платформа ислеп шығыў режелестирилген.
Презентацияда белгиленген ўазыйпалардан келип шығып, 2035-жылға шекем Өзбекстан автомобиль жолларын раўажландырыў стратегиясын ислеп шығыў бойынша тапсырма берилди.










