Республикамызда "Зорлыққа қарсы 16 күнлик белсенди ҳәрекетлер" илажларына старт берилди

    25 қараша 2024 123

    Бүгин пайтахтымызда ҳаял-қызларға қарсы зорлыққа шек қойыў халықаралық күни ҳәм "Зорлыққа қарсы 16 күнлик белсенди ҳәрекетлер" илажлары шеңберинде дөгерек сәўбети өткерилди.

    Илажда Сенат ағзалары, Нызамшылық палатасының депутатлары, министрликлер ҳәм уйымлардың басшылары, халықаралық шөлкемлердиң Өзбекстандағы ўәкилханаларының басшылары ҳәм ҒХҚ хызметкерлери қатнасты.

    Бул илажларды өткериўден гөзленген тийкарғы мақсет бар машқалаларды таллаў, бул бағдарда кең жәмийетшилик ўәкиллери, қәнигелер, халықаралық шөлкемлер ҳәм усы тараўға байланыслы басқа да қәнигелердиң пикирлерин үйрениў, мәмлекет тәрепинен әмелге асырылыўы керек болған ўазыйпаларды белгилеў, инсан ҳуқықларын тәмийинлеў жолында ҳәммени бирлестириўден ибарат.

    Мәмлекетимиз басшысының қатаң сиясий ерк-ықрары себепли "Инсан қәдири ушын" принципи тийкарында зорлықтың ҳәр қандай көринисине қарсы гүресиў бойынша системалы жумыслар әмелге асырылмақта.

    Илажда шығып сөйлеген Т.Нарбаева тәрепинен мәмлекетимизде қысқа мүддетте әмелге асырылған жумыслар ҳәм бүгинги нәтийжелер бул бағдарда ислениўи зәрүр болған жумысларға дәслепки қәдем екени, себеби еле шешилмеген машқалалар бар екенлиги айрықша атап өтилди.

    Дөгерек сәўбетинде қатнасыўшылар гендер зорлықтың социаллық ақыбетлери, оның алдын алыўға қаратылған миллий ҳәм халықаралық тәжирийбелер және нызамшылық шеңберинде ерисилген нәтийжелер ҳәм перспективаларды ҳәр тәреплеме додалады, деп хабар береди Олий Мажлис Сенатының баспасөз хызмети.