Риштанда гүлалшылық тарийхы музейи ашылады

    29 қаңтар 2025 2027

    "Риштан дәстүрий гүлалшылығы тарийхы музейиниң жумысын жолға қойыў ҳаққында"ғы Ҳүкимет қарары (41-санлы, 28.01.2025-ж.) қабыл етилди.

    Қарарға бола, Риштан дәстүрий гүлалшылығы тарийхы мәмлекетлик емес музейи шөлкемлестириледи.

    Төмендегилер музейдиң тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленди:

    музей буйымлары ҳәм коллекцияларын анықлаў, топлаў ҳәм сақлаў;

    мәдений, ағартыўшылық, илимий ҳәм билимлендириў жумысын әмелге асырыў;

    жасларды "устаз-шәкирт" дәстүрлери тийкарында гүлалшылық өнерине үйретиў;

    гүлалшылықтың бай мәдений мийрасы, адамзат тарийхындағы ролин ҳақыйқый сәўлелендириў;

    экспозицияларды шөлкемлестириўде заманагөй мәлимлеме технологияларынан кеңнен пайдаланыў;

    сырт ел музейлери менен көргизбелер шөлкемлестириў бағдарында өз-ара пайдалы бирге ислесиўди орнатыў.

    Музейди шөлкемлестириў бойынша жумысшы топар тастыйықланды ҳәм оның тийкарғы ўазыйпаларынан бири етип, музей концепциясын ислеп шығыў, тастыйықлаў ҳәм музей жумысын жолға қойыў белгиленди.

    2025-жыл 1-апрельге шекем музейге ажыратылған имараттың категориясы музей жумысына толық бейимлестириледи.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates