Қарарға бола, Риштан дәстүрий гүлалшылығы тарийхы мәмлекетлик емес музейи шөлкемлестириледи.

Төмендегилер музейдиң тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленди:

музей буйымлары ҳәм коллекцияларын анықлаў, топлаў ҳәм сақлаў;

мәдений, ағартыўшылық, илимий ҳәм билимлендириў жумысын әмелге асырыў;

жасларды "устаз-шәкирт" дәстүрлери тийкарында гүлалшылық өнерине үйретиў;

гүлалшылықтың бай мәдений мийрасы, адамзат тарийхындағы ролин ҳақыйқый сәўлелендириў;

экспозицияларды шөлкемлестириўде заманагөй мәлимлеме технологияларынан кеңнен пайдаланыў;

сырт ел музейлери менен көргизбелер шөлкемлестириў бағдарында өз-ара пайдалы бирге ислесиўди орнатыў.

Музейди шөлкемлестириў бойынша жумысшы топар тастыйықланды ҳәм оның тийкарғы ўазыйпаларынан бири етип, музей концепциясын ислеп шығыў, тастыйықлаў ҳәм музей жумысын жолға қойыў белгиленди.

2025-жыл 1-апрельге шекем музейге ажыратылған имараттың категориясы музей жумысына толық бейимлестириледи.