Мәмлекетимизде де жоқары раўажланған, дүнья жәмийетшилигинде мүнәсип орны ҳәм абырайына ийе болған жаңа Өзбекстанды қурыў жолында жедел реформалар даўам етер екен, усы гөзленген мақсетлерге ерисиўде өсип, турмысқа исенимли қәдемлер менен кирип киятырған жас әўладтың камалға келиўи ушын мүнәсип имканиятлар ҳәм шараятларды таярлаў тийкарғы ўазыйпалардан етип белгиленген.

Мәмлекетимиз басшысының БМШ Бас Ассамблеясының 72-сессиясындағы шығып сөйлеген сөзинде "Планетамыздың ертеңги күни, абаданлығы перзентлеримиз қандай болып камалға келиўи менен байланыслы. Бизиң тийкарғы ўазыйпамыз жаслардың өз потенциалын көрсетиўи ушын зәрүр шараятлар жаратыўдан ибарат", деген пикирлери болса бул бағдардағы реформаларымыздың барлық басқышларында қолланба болып хызмет етпекте. Елимизде жаслардың ҳуқықлары менен мәплерин қорғаў, оларға зәрүр шараят жаратыў бағдарында бир қатар жумыслар исленбекте. Атап айтқанда, бүгинги күнге шекем парламентимиз тәрепинен жасларға байланыслы 40 тан аслам нызам ҳүжжети қабыл етилди.

Ең әҳмийетлиси, Президентимиздиң ҳәр жылы жаслар менен жеке ушырасып, мәселе, машқала ҳәм усынысларды тиккелей олардың өзинен тыңлаўы, пикирлесиўи дәстүрге айланып үлгерди. Атап айтқанда, быйыл 24-февраль күни мәмлекетимиз басшысының жаслар менен гезектеги ашықтан-ашық сөйлесиўи болып өткен еди. Онда 60 мыңнан аслам жас қатнасты.

Ушырасыўда жаслардың соңғы жыллардағы бир қатар жетискенликлери атап өтилип, ҳәр жылы 600 мың жас мийнет базарына кирип киятырғаны, 2030-жылға барып бул көрсеткиш 1 миллионға жетиўи мүмкин екенлиги, жаслар ушын қызығыўшылығы ҳәм имканиятына сәйкес жумыс табыўға шараят жаратыў мәселеси ең әҳмийетли ўазыйпалардан бири екени көрсетип өтилди.

Сораўларда жаслардың дерлик үштен бир бөлеги исбилермен болыў тилегин билдирген. Соңғы ушырасыўда жаслардың бәнтлигин қоллап-қуўатлаў ушын 400 миллион доллар қаратылғаны, "Жаслар бизнеси" ҳәм "Келешекке қәдем" бағдарламалары арқалы 15 мың жас исбилерменликти баслағаны ҳәм 50 мың жумыс орны жаратылғаны атап өтилди. Бул жумысларды даўам еттириў ушын жаслар исбилерменлигин қоллап-қуўатлаўға қосымша 200 миллион доллар ажыратылатуғыны айтып өтилди.

Буннан тысқары, "Келешек исбилермен" бағдарламасы иске қосылып, жас исбилерменлерге 7 жылға шекем 15 процентлик кредит ажыратыў механизми жолға қойылмақта. Онда өзин-өзи бәнт еткенлерге гиреўсиз 20 миллион сумға шекем, бизнес баслап атырғанларға 300 миллион сумға шекем, кеңейтпекши болғанларға 2 миллиард сумға шекем, кеминде 5 питкериўшини жумысқа алған исбилерменлерге 10 миллиард сумға шекем кредит бериў нәзерде тутылған. Сондай-ақ, ҳәр қыйлы социаллық жойбарларды қаржыландырыў ушын 2 миллиард сум ажыратылады.

Және бир гәп. БМШтың 78-сессиясында да халқының дерлик ярымы жас әўлад ўәкиллери болған Орайлық Азия ушын жаслар ҳәм олардың потенциалын жүзеге шығарыў мәселеси, әсиресе, үлкен әҳмийетке ийе екени атап өтилген еди. Президентимиздиң басламасы менен бул тараўда бирге ислесиўди күшейтиў мақсетинде жақында регионымыз мәмлекетлери тәрепинен Жаслар сиясатының улыўма бағдарлары ҳаққындағы келисимге қол қойылды.

Бул тараўда БМШ ҳәм оның қәнигелескен структуралары менен нәтийжели бирге ислесиў орнатыў мақсетинде Орайлық Азия жасларын раўажландырыўға жәрдемлесиў бойынша жумысшы топар шөлкемлестириў ҳәм оның шеңберинде "Орайлық Азия жасларының күн тәртиби - 2030" бағдарламасын ислеп шығыў усыныс етилди. Буннан тысқары, усы жылы Ташкентте "Жәҳән жасларының тынышлыққа қарай ҳәрекети" бас резиденциясының шөлкемлестирилиўи, Самарқандта Жаслар парламенти ағзаларының 12-глобал конференциясы, “Таkе Off” халықаралық стартап саммити және 46-жәҳән шахмат олимпиадасының өткерилиўи режелестирилмекте.

Бул системалы реформаларды избе-из даўам еттириў ҳәм жетилистириў мақсетинде жаслар мәселесине байланыслы жаңа стратегия - "Жаңа Өзбекстан жаслары - 2030" стратегиясының жойбары ислеп шығылды. Бул мәмлекетимизде жасларға байланыслы қабыл етилип атырған биринши бир пүтин стратегия болып, жаңа Өзбекстанды қурыўда жаслардың орны ҳәм потенциалын және де толық жүзеге шығарыўға қаратылған.

20-апрель күни мәмлекетимиз басшысының қатнасыўындағы стратегия презентациясында 2030-жылға шекем ерисилиўи керек болған тийкарғы мақсетли көрсеткишлер көрип шығылды. Атап айтқанда, ҳәр жылы 600 мың жастың бәнтлигин тәмийинлеў, 2030-жылға шекем 900 мың жасты волонтёрлыққа тартыў, оқыў орайларының санын 90 мыңға жеткериў, 450 мың жастың шет тиллер бойынша билимин В2 дәрежесине алып шығыў, жаслар жынаятшылығын азайтыў, ҳәр жылы кеминде 10 мың жас шаңарақты ипотека арқалы қоллап-қуўатлаў сыяқлы ўазыйпалар усылардың қатарына киреди. Билимлендириў тараўында жаслардың сапалы билим алыўы, мәмлекетлик емес билимлендириў хызметлерин қоллап-қуўатлаў, шетки аймақларда оқыў орайларының имканиятларын кеңейтиў, шет тиллерди үйрениўди хошаметлеў бойынша жаңа жеңилликлер нәзерде тутылған.

Стратегияда жас шаңарақларды қоллап-қуўатлаў мәселесине де айрықша итибар қаратылған. Ипотека бағдарламасы арқалы кредиттиң Орайлық банк ставкасынан жоқары бөлеги қаплап берилиўи, усы тәризде турақ жай мәселесинде жас шаңарақларға қосымша жеңиллик жаратылатуғыны белгиленбекте.

Социаллық белсендиликти арттырыў мақсетинде волонтёрлық қорынан 100 миллион сумға шекем грантлар ажыратыў, белсенди жасларды мәмлекетлик шөлкемлерде төлемли әмелиятқа тартыў, алдыңғы дөретиўшилер ушын Президент сыйлығын енгизиў, сондай-ақ, китап ҳәм буккафелер жайласқан "Жаслар көшелери"н шөлкемлестириў режелестирилген. Жаслар инфраструктурасының минимал стандартлары белгиленеди, ҳәр бир аймақтан "жаслар район-қалалары" таңлап алынып, усы стандартларды енгизиў бойынша үлги жаратылады.

Улыўма, ҳәр бир дәўир өз күшин, бәринен бурын, илимге қуштар, арзыў-нийетлери жоқары, жүрегинде жуўапкершилик сезими оянған әўлад арқалы көрсетеди. Жаңа Өзбекстанда мине усы раўажланыў руўхы ҳүким сүреди. Келешек жоқары минберлерде айтылған сүренлер менен қурылмайды, ол күнделикли мийнет, сабыр-тақат ҳәм жуўапкершилик арқалы жаратылады. Жаслар ушын жаратылып берилип атырған имканият болса негизинде пүткил халық, миллет, мәмлекет ушын жаңа шек ашыўы сөзсиз. Сол себепли, бул жолдағы ҳәр бир ҳәрекет узақ жылларға хызмет ететуғын руўхый ҳәм социаллық тийкарды беккемлейди. Әне усы тийкарда халықтың исеними, мәмлекеттиң қүдирети ҳәм ўатан раўажланыўы жоқарылайды.

Хуршида ТИЛЛАХОДЖАЕВА,

Ташкент мәмлекетлик техника университети доценти,

тарийх илимлериниң кандидаты