Олар жеткерип берип атырған өнимлердиң тийкарғы бөлегин ақ баслы ҳәм гүлли
капуста, пияз, укроп, петрушка, жүзим, ләблеби, помидор ҳәм басқа да мийўе-овош
өнимлери қурайды.
Бул қарар Өзбекстаннан карантин астындағы өнимлерди жеткерип бериўде
карантин объектлерин анықлаў жағдайларының көбейип атырғаны мүнәсибети менен
қабыл етилген. Шеклеў илажлары азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў, Россия
аймағының фитосанитариялық қәўипсизлигин сақлаў, сондай-ақ, карантин
организмлердиң кирип келиўи ҳәм тарқалыўының алдын алыўға қаратылған.
"Росселхознадзор"тың
мағлыўматларына бола, 2026-жылдың басынан Өзбекстаннан өним жеткерип бериўде
132 карантин объектлери анықланған. Олар арасында помидордың қоңыр жыйрықлы
мийўеси вирусы (Tomato brown rugose fruit virus), Қубла Америка помидор
гүбелеги (Tuta absoluta), батыс (Калифорния) гүл трипси (Frankliniella
occidentalis) ҳәм ләблеби тамырларының некротик сарғайыўының беневируси (Beet
necrotic yellow vein benyvirus) бар.