Россияның Ростов ўәлаятында Өзбекстан агросанаат хабы жаратылыўы мүмкин

    Өзбекстан бас консулы Бурхан Аликулов Ростов ўәлаяты экономикалық раўажланыў министри Максим Папушенко менен ушырасыў өткерди.

    Сөйлесиў ўақтында тәреплер Өзбекстан ҳәм Россия аймақлары арасындағы өз-ара пайдалы байланыслар кеңейип атырғанын жоқары баҳалады. Ростов ўәлаятының санаат ҳәм аўыл хожалығы тараўындағы потенциалын есапқа алып, бул бағдарларда аймақлараралық шерикликти буннан былай да раўажландырыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

    Өзбекстан ўәкили елимиз аймақларының экспорт имканиятларын есапқа алып, Ростов ўәлаяты ушын зәрүр өнимлер импортын шөлкемлестириў мәселесинде әмелий жәрдем бериўге таяр екенин билдирди.

    Министр Максим Папушенко, өз гезегинде, Жиззақ ҳәм Ростов ўәлаятлары арасында қол қойылған бирге ислесиў келисими, сондай-ақ, Ростов ўәлаяты губернаторы басшылығындағы делегацияның 2024-жыл сентябрь айында Өзбекстанға сапары ўақтында ерисилген келисимлер шеңберинде ўәлаятта Өзбекстан агросанаат хабын жаратыў әҳмийетли екенин атап өтти, деп хабар береди "Дунё" ХА.

    No date selected
    February 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    Use cursor keys to navigate calendar dates