баннер
27 Apr 2025
01:27

    Рус тилинен сертификат алыў системасы Өзбекстанда жолға қойылыўы мүмкин

    Бул патент рәсмийлестириўде талап етилетуғын сертификат алыў процесслерин сезилерли дәрежеде жеңиллестиреди, қәрежетлер азаяды.

    Миграция агентлигиниң жуўапкерлери Қазан Федерал университети басшылары менен ушырасыў өткерди, деп хабар береди агентликтиң баспасөз хызмети.

    Атап өтилиўинше, рус тили, Россия тарийхы ҳәм нызамшылығына байланыслы имтиханларды өткериў ҳәм сертификат бериў системасын Қазан Мәмлекетлик университети менен биргеликте мәмлекетимизде жолға қойыў мәселеси додаланды.

    Орайдың Өзбекстанда жумыс алып барыўы Россияда жумыс ислеў ҳуқықын бериўши рухсатнама (патент) рәсмийлестириўде талап етилетуғын сертификат алыў процесслерин сезилерли дәрежеде жеңиллестиреди, қәрежетлер азаяды, ўатанласларымыз ушын артықша әўерегершиликлердиң алды алынады.

    No date selected
    April 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech