Енди самолёт бортында ямаса аэропортта формуляр толтырыўдың орнына келиў электрон картасын (e-Arrival Card) алдыннан рәсмийлестириў талап етиледи, деп хабар бермекте "Дунё" МА.

Жаңа қағыйдаларға бола, электрон картаны Ҳиндстанға келгенге шекем 72 саат ишинде толтырыў керек. Буны Ҳиндстан виза хызметиниң https://indianvisaonline.gov.in/earrival рәсмий веб-сайты ямаса Su-Swagatam мобил қосымшасы арқалы онлайн әмелге асырыў мүмкин.

Бул жаңалықлардың әҳмийетли екенин мәмлекетлер арасындағы авиақатнаўлардың жедел артып баратырғаны да көрсетпекте. Мәселен, ҳәзирги күнде Өзбекстан менен Ҳиндстан арасында ҳәптесине 20 ға шамалас жолаўшы қатнаўы әмелге асырылмақта. «Uzbekistan Airways» ҳәм «Centrum Air» авиакомпаниялары Ташкентти Ҳиндстанның Дели, Мумбай, Гоа сыяқлы ири қалалары менен байланыстырады.

Жазғы кесте шеңберинде пәрўазлар географиясы ҳәм интенсивлиги сезилерли дәрежеде кеңейиўи күтилмекте. «Uzbekistan Airways» Наманган ҳәм Дели арасында тиккелей авиақатнаўларды жолға қойып, ўәлаят халқы ушын жаңа имканиятлар ашыўды режелестирмекте.

«Centrum Air» авиакомпаниясы пайтахтлар арасындағы пәрўазлар санын ҳәптесине үш мәртеге шекем арттырыўды мөлшерлемекте, «Qanot Sharq» авиакомпаниясы болса "Ташкент - Дели - Ташкент" жөнелиси бойынша турақлы рейслерди әмелге асырады.

Пәрўаз бағдарламалары кеңейип, жолаўшылар ағымы артып атырғанын есапқа алып, туристлер ҳәм исбилерменлерге e-Arrival Card электрон картасын алдыннан рәсмийлестирип қойыў усыныс етиледи.

Өзбекстанның Дели қаласындағы елшиханасы Ҳиндстан аэропортларына келип атырған ўатанласларымызға алдыннан таярланған санлы миграция ҳүжжетиниң бар екенлиги Ҳиндстан аэропортларында паспорт қадағалаўынан өтиўде рәсмийлестириўлерди азайтыў ҳәм кешигиўлердиң алдын алыў имканиятын беретуғынын ескертеди.