Қарарға муўапық, 2026-жыл 1-январьдан төмендегилер бийкар етиледи:
төлем ставкасы арттырылған мәмлекетлик номерлерди бериўде "Өзбекстан Республикасы товар-шийки зат биржасы" АЖ мәлимлеме системасында аукцион өткериў тәртиби;
ҳәриплер ҳәм санлардың талап жоқары болған комбинациясына ийе болған мәмлекетлик номерлерди жоқары төлем ставкасы бойынша бериў тәртиби;
2026-жыл 1-январьдан баслап ҳәр қыйлы ҳәрип ҳәм санлар комбинациясына ийе автомототранспорт қуралларына мәмлекетлик номерлер физикалық тәреплердиң электрон мүрәжаты тийкарында бирден-бир арттырылған төлем ставкасында бериледи.
Физикалық тәреплер бирден-бир ашық мағлыўматлар базасынан қәлеген ҳәриплер ҳәм санлар комбинациясына ийе бос мәмлекетлик номерин төмендеги системалар арқалы таңлаўы мүмкин:
дизимге алыў бөлимлериндеги инфокиоскалар;
Жол ҳәрекети қәўипсизлиги хызметиниң мобил қосымшасы;
ЖҲҚБниң рәсмий веб-сайты;
БИМХП (my.gov.uz).
Сондай-ақ, 2026-жыл 1-январьдан баслап бирден-бир ашық мағлыўматлар базасына барлық категориядағы мәмлекетлик номерлер аймақ коды бойынша жайластырылады (бурын берилген ямаса пайдаланыўда болғанларынан тысқары).









