Мәселен, айлық дәрамат 2 млн сум болса, салық тек ғана 20 мың сум болады.
Егер айдаўшы онлайн агрегаторлар арқалы жумыс ислесе, дәрамат платформа арқалы өткерилгенде салық автоматикалық түрде услап қалынады. Бунда салық услап қалыныўы тек ғана агрегатор арқалы алынған дәраматларға енгизиледи, платформадан тысқарыда исленген дәраматларға бул механизм арқалы салық салынбайды.
QR-кодтан пайдаланыў бойынша 2026-жыл 1-январьдан баслап жеке тәртиптеги исбилерменлер ҳәм өзин-өзи бәнт еткен шахслар ушын электрон төлемлерди арнаўлы QR-код арқалы қабыл етиў мәжбүрий тәртиби енгизиледи. Бирақ бул қағыйда салық системасы менен интеграцияланған рәсмий агрегаторлар арқалы ислейтуғын таксист ҳәм курьерлерге тийисли емес. Сол себепли бундай айдаўшыларға өз алдына QR-код орнатыў талап етилмейди.