Жақсылықты алғыс, қол шаппатлаў, сыйлық ушын емес, ал жүрек буйрығы, ҳүждан талабы болғаны ушын ислейтуғынларды усылай атаў мүмкин. Жақсылық, мийрим-шәпәәт, мәртлик ҳәм пидайылық олар ушын ўазыйпа болыўы менен бирге турмыс тәризи, ишки исеним, қәлб қуўаты болып есапланады.
Меҳир қарызға берилмейди
Таўлы Даштқызыл шарўа аўылынан Халбека Бабақулова Шырақшы районындағы "Өзбекстан" шаңарақлық шыпакерлик пункти патронаж мийирбийкеси. Ол медициналық шақырықларға 37 жыл ешекте қатнады. Шаңарағы, турмыс тәшўишлеринен тысқары меҳири, өмирин шаңарақлардың саламатлығына, кеўиллердиң пүтинлигине бағышлады.
Аўылдағы бирде-бир шаңарақта кеселлик болса, ҳәмме дәрҳал "шыпакер апа"ны излейди. Мийирбийке де өз гезегинде дәри-дәрмақ ҳәм емлеўлер менен бирге жақсы минез-қулқы ҳәм шийрин сөзи менен наўқаслардың дәртине дәрман болыўға умтылады.
- Мийирбийкешиликти таңлап атырғанымда бул кәсип тек ғана шаншыў емес, ал адамлардың дәртине дәрман болыў екенин аңлағанман, - дейди Халбека Бабақулова. - Аўылымыз район орайынан 30 километр узақта жайласқан. Далалы аймақ, жоллар тегис емес, гейде таўлы аўылларға барыўыма туўра келеди. Ҳәр дайым автомашинада бара алмайман. Сонлықтан аўырыўлардан хабар алыў ушын ешекте қатнадым.
Бийдай жайылып жатқан шексиз дөңниң артында таўлар көзге тасланады. Аўыл хожалықлары бир-биринен әдеўир узақ, аралық гейде 2-3 километрге шекем созылған. Гейде қоңсы аўылдағыларға да жәрдем керек болады. Мийирбийкениң ешекте қатнаўы тәбийий, себеби аралықтың узақлығы ҳәр қандай адамды болдыртады.
Халбека қан басымы көтерилип атырған кекселер, ҳәмиледар ҳаяллар, температурасы жоқары балаларға бийпәрўа қарай алмайды. Барлық жумысын умытып олардың алдына асыққан ўақытларында шаңарақ ағзаларынан дәкки еситеди, бирақ наўқастың дәртин жеңиў тилеги дүньяның басқа жумысларынан үстин турады. Үйме-үй жүрип, балаларды шаншады, аўылласларына саламат турмыс тәризи ҳаққында усыныс бериўден шаршамайды. Қас қарайған ямаса ерте таң, дем алыс ямаса байрам күнлери де дәри-дәрмақ, ҳүжжетлерин қасында алып, аўыл аралап жүрген мийирбийкени көргенлер ондағы бийғәрез меҳирди сезеди.
- Аўыл жоллары тегис емес, әсиресе, жаўын-шашын ўақтында жүриў қыйын, - дейди мийирбийке. - Усы пайытта қайсы бир ҳәмиледар ҳаялды толғақ тутады, кимниңдур қан басымы көтерилип кетеди. Ойланып отырыўға ҳақым жоқ, наўқасқа биринши жәрдем көрсетиўим керек.
Бир сапары температурасы жүдә жоқары болған балаға биринши жәрдем көрсетиўге туўра келди. Бала ҳуўшын жойтқан, ананың зарланыўы әлемди алады. Дәрҳал зәрүр жәрдем көрсетилди. Бала өзине келди. Мийирбийке болса аўырып қалды. Ақыры, биреўдиң дәртин өзиниң дәрти деп билиў, наўқас пенен бирге азап шегиў аңсат па?!
Кәсибин жақсы көретуғын инсан ушын адамлардың миннетдаршылығы, разылығы алдында турмыс қыйыншылықлары әҳмийетин жоғалтады екен. Дәмесиз, бийгүна бул пидайылық жәмийетте меҳир орталығын жаратыўға үлес қосады. Социаллық жуўапкершилик, ўақтын, күшин, имканиятын наўқас ўатанласларына сарыплаў кәсип ийесин ел арасында ҳүрметли етеди.
Аўылласларына меҳири, шын кеўилден жәрдеми, жәмийетте инсаныйлық орталығын жаратыўға қосып атырған үлеси мәмлекетимиздиң итибарынан шетте қалмады. Халбека Бабақулова 2023-жылы Президентимиздиң пәрманына бола II дәрежели "Саломатлик" ордени менен сыйлықланды. Жақында "Инсон фахри" миллий сыйлығын қолға киргизгени болса мийнетлери, пидайылығының және бир тән алыныўы болды.
- Сыйлық алыўды күтпеген едим, - дейди Халбека Бабақулова. - Кеўлим жайнады. Көзимнен қуўаныш жаслары ақты. Ақыры меҳир қарызға берилмейди. Мен де сыйлық алыў ушын хызмет етпедим. Бирақ киши хызметлеримди итибарға алып сыйлыққа ылайық көргени ушын бәршеге көп-көп рахмет.
Мәмлекетимизде "Инсан қәдири ушын" идеясы тийкарында исленип атырған жумыслар шетки аймақларға да жетип бармақта, халыққа сапалы медициналық хызмет көрсетилиўи ушын зәрүр шараят жаратылмақта. Соның ишинде, Даштқызыл шарўа аўылында халыққа биринши медициналық жәрдем көрсетиў ушын киши контейнер орнатылды. Оған қуяш панели орнатылып, күни-түни электр энергиясы менен тәмийинленген. Ҳәттеки амбулатор шараятта емленип атырған наўқаслар ушын да орын ажыратылған. Мийирбийке усы контейнерде наўқасларды қабыллайды, айырымларын район орайына - шыпакер көригине жибереди, айырымларын шыпакер көрсетпеси бойынша емлейди.
- Ҳәр күни есиктен кимдур үмит, кимдур дәрт пенен киреди, - дейди Халбека Бабакулова. - Олардың дәртине дәрман бола алсам, сол күним бийкар өтпеген болар еди. Наўқастың аўырыўы мениң аўырыўым, қуўанышы да мениң қуўанышым.
Жәрдемге мүтәжлерди қоллап-қуўатлаў, зәрүр ўақытта жәрдем қолын созыў кеңпейиллик, ең гөззал инсаный пазыйлеттен дәрек береди. Бул жүректен шыққан меҳирдиң көриниси. Ол көзабаға етилмейди, жақсылық болып адамлардың қәлбине кирип барады. Ол бар жерде ҳеш ким өзин жалғыз сезбейди, қорғаўшылық сезими инсан қәдирин жоқарылатады. Бул жәмийеттеги руўхый турақлылыққа себеп болады. Жәмийет болса бир-бириниң қолынан услап, жеңиске қарай баслайтуғын мине усындай адамлар менен саламат, күшли ҳәм гөззал.
Тиришилик сақшысы
Кейинги жылларда климат өзгериўи, халық санының артыўы ҳәм санааттың раўажланыўы суўға болған талапты арттырмақта. Соның менен бирге, халықты таза ишимлик суўы менен тәмийинлеў күн тәртибиндеги мәселелерден бирине айланбақта. Турмыстағы абаданлық, халықтың саламатлығы ҳәм экологиялық турақлылық мине усы бийбаҳа байлықтың қаншелли қорғалыўы, үнемлеп пайдаланылыўы ҳәм ҳәммеге тең бөлистирилиўине байланыслы.
Мине, усы ийгиликли мақсет жолында жанкүйерлик көрсетип, шетки аймақларда халықтың шаңарағына таза ишимлик суў жетип барыўына үлес қосып атырған пидайы инсанлардың бири - "Тараққиёт" халықтың турмыс тәризин раўажландырыўға жәрдемлесиў мәмлекетлик емес коммерциялық емес орайының басшысы Феруза Мадалиева да "Инсон фахри" миллий сыйлығының ийеси болды.
- Жумысты, тийкарынан, алыс ҳәм шетки аймақлардағы жер асты ишимлик суў қудықларын үйрениўден баслаймыз, - дейди Феруза Мадалиева. - Гидрогеологиялық жуўмақ алынғаннан соң аймақта бураўлаў жумыслары басланады. Талапқа жуўап беретуғын қудықлар тазаланады, ескилери реконструкцияланып, насос тасланады. Буннан кейин халықтың үйлерине қубыр тартылады. Усы қубырлар арқалы таза ишимлик суў кирип келеди.
Оның атап өтиўинше, усы күнге шекем республикамыз бойынша 48 ишимлик суў системасы орнатылып, 255 мың адам таза ишимлик суўы менен тәмийинленди. Объектлер қурып питкерилгеннен кейин басқарыў халықтың өзине тапсырылады. Таңлап алынған шахслар системаны басқарыў бойынша оқытылады. Орынларда киши кәрханалар қәлиплестириледи. Бул болса алыс аймақларда жаңа жумыс орынларын ашыў имканиятын береди.
Он сегиз жыл даўамында Швейцария раўажланыў ҳәм бирге ислесиў агентлиги тәрепинен қаржыландырылған "Аўылларды ишимлик суўы менен тәмийинлеў ҳәм санитария" жойбары тәжирийбесине ийе Феруза Мадалиева Қурылыс ҳәм турақ жай коммунал хожалығы министрлиги өткерген тендерде жеңип шықты.
2021-2022-жылларда Ферғана, Наманган ҳәм Әндижан ўәлаятларының алыс аўыллық аймақларында 24,4 миллиард сумлық, 2024-2025-жылларда Қарақалпақстан Республикасы, Сурхандәрья, Қашқадәрья, Самарқанд, Әндижан ҳәм Наманган ўәлаятларының 9 районында 50 миллиард сумлық социаллық жойбар әмелге асырылды.
- Буннан тысқары, сырт ел қаржылай жәрдеми менен де ишимлик суў жойбарларын жолға қойып келмектемиз, - дейди Феруза Мадалиева. - Соның ишинде, Наманган ҳәм Ферғана ўәлаятларында Швейцарияның “Global Wash Initiative JTI” халықаралық фонды ҳәм Японияның JTI-SA компаниясы тәрепинен 1,8 миллион долларлық ишимлик суўы жойбары иске қосылған.
Ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў, олар ушын зәрүр шараятларды жаратыў мәмлекетимиз сиясатының тийкарғы бағдарларынан. Ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў, жәмийеттеги белсендилигин арттырыў мәмлекет раўажланыўының тийкарғы шәртлеринен бири екенин қаҳарманымыз жақсы түсинеди. Сол себепли, ол ҳаял-қызларды кәсип-өнерге оқытыў, өзин-өзи бәнт етиў ҳәм киши исбилерменликти раўажландырыў бойынша бир қатар жойбарларды алға қойды. Тийкарынан аўыл хожалығы, суў ресурсларын басқарыў, технологиялар ҳәм ИТ тараўлары, кондитерлик ҳәм тигиўшилик, адрас тоқыў бағдарларында оқытып, киши бизнес жүргизиўди үйретиў арқалы шаңарақларға қуўаныш, абаданлық үлестирди.
Жасларды экология ҳәм саламат турмыс тәризине бағдарлаў бағдарында да итибарға ылайық жумыслар исленген. Қоңсы мәмлекетлер менен биргеликте "Жасыл патруль" жойбары әмелге асырылмақта. Суў дипломатиясын үйрениў, Сырдәрья бассейни бойлап социаллық машқалаларды анықлаў, шешим табыў бойынша өткерилип атырған форумларда жаслар суўды қәстерлеп сақлаў, ҳәр бир тамшысын қәдирлеў, суў резервлерин қорғаў ҳәм олардан ақылға уғрас пайдаланыў әҳмийетлилигин терең түсинип бармақта.
- Орынларда халықтың суўға мүнәсибети өзгерип атырғанын көриў қуўанышлы, - дейди Феруза Мадалиева. - Мақсетимиз де суўды қәдирлеў, "суў ҳеш қашан таўсылып қалмайды" деген түсиникти өзгертиў. Ақыры таза емес суў арқалы жүдә көп жуқпалы кеселликлерге шатылыў мүмкин. Адамлардағы "ата-бабаларымыз усы суўдан ишип келген, кесел болмаған, бизге де ҳеш нәрсе болмайды", деген стереотиплерге шек қойыўға әсте-ақырын ерисип атырмыз. Адамларды ишимлик суў тек ғана ишиў ушын екенлигине, көшеге себиў, машина ямаса гилем жуўыў ушын емес екенлигине үйретип атырмыз.
Пүткил барлық, тәбият ҳәм жанзат тиришилик дәреги болған суў менен жасайды. Халықтың саламатлығы, мәмлекеттиң экономикалық турақлылығы, экологиялық қәўипсизлик мине усы бийбаҳа байлықтың қанша дәрежеде сақланыўы ҳәм пайдаланылыўына байланыслы. Елимиздеги реформаларға тийислилик сезими Ферузаны ең шетки ҳәм алыс аймақлар халқына таза ишимлик суў жеткерип бериўдей қайырлы иске баслады. Бул жолда машақатлар көп ушырасты. Бирақ ол шын кеўилден ҳәрекет етти. Өйткени, адамлардың денсаўлығындағы жақсы көрсеткишлер, көзқарастағы миннетдаршылық, турмысынан қанаатланыў сезими менен барлық қыйыншылықлар умытылатуғынын ол жақсы билетуғын еди. Бул пидайылық инсанлар қәлбинде исеним оятпақта, жәмийетте басқаларға ҳүрмет ҳәм жәрдем көрсетиў, аўызбиршиликти беккемлеўге үлес қоспақта.
Рисолат МАДИЕВА,
"Янги Ўзбекистон" хабаршысы