Самарқанд 2028-жылы Халықаралық астронавтика конгрессин өткериў ушын талабан етип көрсетилди

    29 қыркүйек 2025 1073

    29-сентябрьден 3-октябрьге шекем Австралияның Сидней қаласында Халықаралық астронавтика конгресси (IAC) болып өтпекте. Оның рәсмий ашылыўы қарсаңында, 28-сентябрь күни ICC Sydney майданында IAC Hosts Summit болып өтти.

    Илаж шеңберинде "Өзбеккосмос" агентлиги ўәкиллери өз идеялары ҳәм «Ready to Take Off: Pitching Your IAC Vision for 2028» атамасындағы концепциясын усынды. Агентлик директорының орынбасары Муҳиддин Ибрагимов 2028-жылы Самарқандта Халықаралық астронавтика конгрессин өткериў басламасы менен шықты.

    Самарқандты потенциал қабыллаўшы қала сыпатында көрсетиў Өзбекстан ушын космослық илим ҳәм технологиялар тараўында дүньядағы ең ири форумлардан бириниң майданына айланыў имканиятын жаратады.