"Өзбеккосмос" агентлигиниң мәлим етиўинше, 2025-жылы Өзбекстан ҳәм Қытай арасында жасалма жолдас технологиялары, қоспа жойбарларды әмелге асырыў ҳәм илимий-техникалық интеграцияны беккемлеў тараўында бирге ислесиў ҳаққында меморандумға қол қойылған.
Қытайдың гиперспектрал жолдасына "Самарқанд 2028" атамасының берилиўи бул шерикликтиң белгиси болды. Жойбар еки тәреплеме бирге ислесиў шеңбериндеги әҳмиетли басламалардан бири болып есапланады.