Самарқанд ўәлаятлық кеңесиниң сессиясында шөлкемлестириў мәселеси көрип шығылып, алдағы ўазыйпалар белгилеп алынды

    25-ноябрь күни халық депутатлары Самарқанд ўәлаятлық Кеңесиниң гезексиз сессиясы болып өтти. Онда Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев қатнасты.

    Мәмлекетимиз басшысы сөзиниң басында ўәлаят жәмийетшилиги менен ушырасып, ерисилген нәтийжелер ҳәм еле әмелге асырылыўы керек болған имканиятларды қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

    - Мың жыллық тарийх ҳәм бай дәстүрлерди өзинде жәмлеген Самарқанд заманагөй архитектуралық көзқараслар себепли күн сайын жаңаланып, дүнья цивилизациясындағы орнын беккемлемекте, - деди Президент.

    Атап айтқанда, "Мәңги қала" комплексиниң қурылыўы, 40 тан аслам зыярат етиў орынларының абаданластырылыўы, Самарқандта жаңа халықаралық аэропорттың қурылыўы, халықаралық брендлердеги онлаған мийманханалардың пайдаланыўға тапсырылыўы ўәлаяттың туризм потенциалын жаңа басқышқа алып шықты.

    Кейинги жыллары Самарқанд сиясий, экономикалық, туристлик ҳәм исбилерменлик орайына, көплеген халықаралық илажлар, форумлар ҳәм әнжуманлар майданына айланды. Усы жылдың өзинде бул жерде 40 тан аслам абырайлы халықаралық илажлар өткерилди, ЮНЕСКО Бас конференциясының жақында болып өткен 43-сессиясы шын мәнисинде тарийхый әҳмийетке ийе болды.

    Туризм ҳәм уқсас тараўларға жәми 1 миллиард доллар инвестиция тартылған. Нәтийжеде ўәлаятқа туристлер ағымы 2016-жылға салыстырғанда 7 есеге артып, туризм хызметлериниң экспорты 600 миллион долларға жеткен.

    Бүгин Самарқанд тек ғана туристлер ушын емес, ал санаат, аўыл хожалығы, хызмет көрсетиў тараўларында үлкен потенциалға ийе болғаны себепли инвесторлар ҳәм исбилерменлер ушын да тартымлы қалаға айланбақта.

    Кейинги сегиз жылда ўәлаятқа 12 миллиард доллар инвестиция кирип келип, 600 мың турақлы жумыс орны жаратылған, исбилерменлер саны 2 есеге көбейген. Өндирис кәрханаларының саны 1,5 есеге, санаат көлеми 1,7 есеге артты. Жыллық айланысы 100 миллиард сумнан аслам кәрханалардың саны 81 ге жетти. Регионда 55 мәмлекеттен инвесторлар жумыс баслады, сырт ел қатнасыўындағы кәрханалардың саны 700 ге шамаласты.

    Хызметлер жылына 15 процентке өсип, быйылғы жылы хызметлер көлеми 75 триллион сумға жетеди.

    Буннан тысқары, 2024-жылы ҳәм өткен он айда 15 миллион квадрат метр турақ жай ҳәм коммерциялық объектлер қурылған. Самарқандлы қурылысшылар республика бойынша жылына 4,5 миллион квадрат метр имарат ҳәм объектлер қурмақта.

    Ўәлаяттың жалпы аймақлық өними 2016-жылдағы 23 триллион сумнан усы жылы 120 триллион сумға жетти.

    Пуқаралардың атап өтиўинше, әмелге асырылған жумыслар себепли шаңарақлардың турмысында үлкен унамлы өзгерислер жүз берди.

    Мәселен, усы дәўирде 2 триллион сум есабынан 3 мың 200 километр ишимлик ҳәм ақаба суў тармақлары қурылған.

    Президентимиз Самарқанд қаласы халық ҳәм исбилерменлер ушын да, туристлер ҳәм инвесторлар ушын да тартымлы аймаққа айландырылғанын атап өтти.

    Ең көп халық жасайтуғын Ургут районында 600 мыңнан аслам халық жасайды.

    Бул район узақ жыллардан берли ўәлаятта аўыл хожалығы бойынша жетекши болып келмекте. Төбе ҳәм таслы жерлерде "Ургут" еркин экономикалық зонасының шөлкемлестирилгени, 860 миллион долларлық 74 жойбардың иске қосылғаны районды санааты раўажланған аймаққа айландырды.

    Санааттың раўажланыўы саўда ҳәм хызмет көрсетиў тараўлары ушын күшли стимул болды. Бүгин Ургут ўәлаятта санаат бойынша үшинши, хызмет көрсетиў бойынша төртинши орында.

    Бүгин Ургутте және бир тарийхый ўақыя болды - 55 километрлик темир жол пайдаланыўға тапсырылды. Оны электрлестириў жумыслары келеси жылы жуўмақланады. Бул халыққа қосымша қолайлық жаратып, санаат, аўыл хожалығы, хызмет көрсетиў тараўларында жаңа имканиятлар ашады.

    Район халқы турақ жай, ақаба суў, ишимлик суўы, мектеп, бақша, медицина мәкемелери, исбилерменлик инфраструктурасы менен байланыслы мәселелердиң шешилиўин көптен берли күтип атырғаны атап өтилди. Усы мүнәсибет пенен Президентимиз Ургут орайын Жаңа Өзбекстан руўхындағы ең заманагөй ҳәм тартымлы қалалардан бирине айландырыўға байланыслы қарарға қол қойды.

    Төменги Камангаран мәҳәллесине тутас 90 гектар майданда 100 мың халыққа мөлшерленген заманагөй экоқала қурылады. Жол, ишимлик суўы, канализация, электр тармақлары, мектеп, бақша, медицина мәкемелери ҳәм басқа да инфраструктураларды қурыў ушын 50 миллион доллар ажыратылады.

    3 гектар майданда 35 районлық шөлкем ушын бирден-бир ҳәкимшилик орай қурылады. Босап қалған имаратлар жеке меншик секторға бериледи.

    Және бир әҳмийетли жаңалық - Ақдәрья, Паяриқ, Пастдарғом, Тайлақ ҳәм Самарқанд районларының 17,5 мың гектар аймағы Самарқанд қаласына қосылады. Нәтийжеде қала халқының саны 604 мыңнан 882 мыңға жетеди.

    Усы мүнәсибет пенен заманагөй турақ жайларға өсип баратырған талапты тәмийинлеў мақсетинде Самарқанд қаласында 3 ири массив белгиленген: "Ширин" массивинде 180 мың, "Темиржол арты" массивинде 100 мың, "Қорасув-2" массивинде 30 мың халық ушын турақ жайлар қурылады.

    Бул жерде 700 ден аслам заманагөй көп қабатлы турақ жайлар, мектеп, бақша, жоқары оқыў орны, емлеўхана, заманагөй бизнес ҳәм саўда орайлары, мийманханалар, дем алыў орынлары қурылады. Испания инвесторлары менен биргеликте бул массивлердиң канализация системасы мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында жаңаланады.

    Қалада жүк транспортының ҳәрекетин азайтыў мақсетинде Ақдәрья, Тайлақ ҳәм Самарқанд районынан өтетуғын магистраль жол бойында 4 логистика орайы қурылады.

    Мәмлекетимиз басшысы Ургут мысалында ўәлаяттың имканиятларын таллап, министрлер ҳәм ҳәкимлерге келеси жыл ушын анық ўазыйпаларды белгилеп берди.

    Сессияда шөлкемлестириў мәселеси де көрип шығылды.

    Президентимиз мәмлекетимиз өз алдына инсан қәдирин улығлаў, экономиканы турақлы өсириў ҳәм халықтың абаданлығын арттырыў сыяқлы үлкен мақсетлерди қойып атырғанын атап өтти. Ўәлаятта бул ўазыйпаларды әмелге асырыў ушын заманагөй пикирлейтуғын, машқалаларды системалы талқылай алатуғын ҳәм инновациялық шешимлер усыныс ете алатуғын басшы керек.

    Президент Самарқанд ўәлаяты ҳәкими лаўазымына ўәлаят ҳәкими ўазыйпасын атқарып киятырған Адиз Бобоевтиң кандидатурасын усыныс етти.

    Мәжилисте белсендилердиң пикирлери тыңланғаннан соң, мәселе даўысқа қойылды. Оның нәтийжелерине бола, Адиз Бобоев ўәлаят ҳәкими лаўазымына тастыйықланды.

    Мәжилис жуўмағында мәмлекетимиз басшысы жуўапкерлердиң есабаты ҳәм режелерин тыңлады.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates