Бул ҳаққында район ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети хабар берди.

Атап өтилиўинше, абырайлы жарыста дүньяның 13 мәмлекети - Өзбекстан, Бельгия, Канада, Испания, Франция, Германия, Словения, Швейцария, Қатар, Россия, Иран, Португалия ҳәм Қазақстаннан келген 100 ден аслам спортшы қатнаспақта.

Беллесиўлер жеке тәртипте ҳәм командалық бағдарларда өткерилип, спортшылар 750 метрге ашық суў бассейнинде жүзиў, 19 километр веложарыс ҳәм 5 километр жуўырыў басқышларында өз шеберликлерин көрсетеди.