Еки күн даўамында С5+1 форматындағы министрлер ушырасыўы, регион мәмлекетлериниң сыртқы ислер министрлери менен еки тәреплеме сөйлесиўлер ҳәм АҚШ бизнесиниң 200 ден аслам жетекшилеринен ибарат саўда делегациясы қатнасты.

Енди, ҳүрметли оқыўшылар, бул саммит тек протокол көзқарасынан ғана әҳмийетли емес екенлиги ҳаққында айырым пикир-усынысларымды билдирмекшимен.

Символикадан баслайман. Әзелден цивилизациялар кесилиспеси болған әййемги Самарқанд қаласы және тийкарғы халықаралық дипломатиялық майданлардан бирине айланбақта. Марко Рубио Самарқандты жәҳән саўдасының тарийхый орайы деп атаған: "Жер жүзинде тарийхта жәҳән саўдасында Самарқандтай әҳмийетли орын ийелеген орынлар аз. Бүгин бул гөззал комплексте тек ғана тарийхты еслеў емес, ал келешекте алдымызда ашылып атырған имканиятлар ҳаққында ойлаў ушын турғаным мен ушын үлкен мақтаныш", — деди мәмлекетлик хаткер Регистан комплексине сапары ўақтында.

Президентимиз, сондай-ақ, бул саммиттиң тарийхый әҳмийетин атап өтип, бурын ҳеш қашан буншелли көп АҚШ ири исбилерменлери бир ўақыттың өзинде мәмлекетимизге келмегенин айтты.

Енди нәтийжелер ҳаққында. Америка - Өзбекстан исбилерменлер ҳәм инвестициялар кеңеси мәжилисиниң жуўмақлары бойынша 54 келисимге қол қойылды, олардың орынланыўы 12 миллиард долларды өзлестириўди нәзерде тутады. Қатнасыўшылар арасында “GE Aerospace”, “Wabtec”, “BlackRock”, “Citigroup”, сондай-ақ, таў-кән санааты ҳәм басқа да тараўларда жумыс алып барып атырған компаниялар бар.

Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев америкалы инвесторларға “plug and play” ("қос ҳәм исле") моделин усыныс етти. Яғный, оларға таяр майданлар, инфраструктура, рухсатнама ҳәм ҳүжжетлер усыныс етиледи. Буннан тысқары, Рубио атап өткениндей, “AKFA Group” Кентукки штатына 80 миллион доллар инвестиция киргизбекте ҳәм бул Өзбекстан компаниясы тәрепинен АҚШта бундай үлкен көлемдеги өндиристи жолға қойыўдың биринши жағдайы болады.

Динамиканы статистика да тастыйықлайды: 2026-жылдың басынан берли АҚШ пенен товар алмасыў көлеми 35 процентке өскен.

Критикалық минералларға да айрықша итибар қаратылды. Рубио Вашингтон жеткерип бериўди диверсификациялаўға умтылып атырғанын, бир дәрекке байланыслы болыў ақылға уғрас келмейтуғынын айтты. Минерал-шийки зат базасына ийе, баҳасы кеминде 3 триллион доллар болған Өзбекстан ушын бул үлкен имканият.

Усы жерде кейинги ўақытлары әҳмийетли минераллар не ушын дүнья мәмлекетлериниң күн тәртибинде оғада әҳмийетли орын ийелеп атырғаны ҳаққында айрықша тоқтап өтпекшимен.

Әпиўайы сөз бенен айтқанда, критикалық минераллар - бул металлар ҳәм басқа да ресурслар болып, оларсыз ҳәзирги заман экономикасын әмелге асырыў мүмкин емес. Литий, кобальт, никель ҳәм графит электромобиллер ҳәм смартфонлардың аккумуляторларына кетеди; мыс электр тармақлары ҳәм жасалма интеллект мағлыўмат орайлары ушын зәрүр; сийрек жер металлары электромоторлар, самал турбиналары, авиация ҳәм қураллар ушын күшли магнит қурамына киреди.

Бул материаллар жоқ, чиплер де, батареялар да, самолётлар да, ЖИ да жоқ.

Парадокс сонда, кәнлердиң өзи ҳәммесин шеше бермейди: бүгинги күнде дүньяның тийкарғы машқаласы қайта ислеўде, яғный руданы таяр металлға айландырыўда болып табылады ҳәм ғәрезлилик усы жерде жәмленген.

Халықаралық энергетика агентлигиниң есап-санақларына бола, жерде сийрек ушырасатуғын металларды глобал қайта ислеўде тийкарғы жеткерип бериўши болған Қытайдың үлеси 2025-жылы 85 процентти қураған. Бундай концентрацияның баҳасы жүдә үлкен. “МЭА”ның есап-санақларына бола, сийрек ушырасатуғын металлар экспортының шеклениўи тәмийначы мәмлекеттен сыртта жылына 6,5 триллион долларлық өнимлерге қәўип туўдырыўы мүмкин, яғный аз муғдардағы шийки зат дүнья санаатының үлкен бөлегин өзинде услап турады. 2025-жыл ҳәм 2026-жылдың басында жаңа экспорт шеклеўлери фонында әҳмийетли пайдалы қазылмалардың баҳасы артқаны, АҚШ, Европа, Япония ҳәм Корея жаңа шериклер излеп атырғаны таң қаларлық емес.