Мәлимлеме-коммуникация технологиялары тараўы заманагөй мәмлекетшилик раўажланыўында әҳмийетли орын ийелейди. Ол экономика, жәмийет ҳәм басқарыўдың барлық бағдарларына тәсир көрсетип, өндирис нәтийжелилигин арттырыў, мағлыўмат алмасыў процесин жеделлестириў ҳәм экономикалық өсиў ушын жаңа имканиятларды жаратыў мақсетлерине хызмет етип атырғаны менен әҳмийетли болып есапланады.

Тараўдың жоқары пәтлерде раўажланыўы, мәмлекетимиздиң глобал дүньяға системалы түрде трансформацияланыўы, биринши гезекте, жасларымыздың социалласыўы менен үлкен әҳмийетке ийе болмақта. Соның менен бирге, жаслардың илимий ҳәм дөретиўшилик потенциалын арттырыў, интеллектуаллық билимлерин көрсетиўи, аналитикалық пикирлеўи, қәбилети ҳәм социаллық бейимлесиўи ушын зәрүр шараятлар жаратыў бойынша салмақлы жумыслар исленбекте.

Сонлықтан, бул тараўды жедел раўажландырыў мақсетинде бир қатар илажлар әмелге асырылмақта. Мәлимлеме технологиялары бойынша сөйлесиў ҳәм ислеп шығылып атырған стратегиялар мәмлекетимиз басшысының турақлы қадағалаўында болғаны ушын да бағдардағы нәтийжелер жеделлик пенен өсип бармақта.

Бүгин мәлимлеме-коммуникация технологиялары мәмлекетлик басқарыў нәтийжелилигин арттырыўда шешиўши әҳмийетке ийе. Электрон ҳүкимет системалары ҳәм санлы хызметлер мәмлекет ҳәм пуқаралар арасындағы өз-ара байланысларды жақсылаў, қағазпазлықты азайтыў ҳәм басқарыў процесин ашық-айдын етиў имканиятын береди. Сондай-ақ, мәлимлеме технологиялары социаллық тараўдың раўажланыўына үлкен үлес қоспақта. Онлайн билимлендириў, телемедицина ҳәм социаллық қоллап-қуўатлаўға байланыслы санлы платформалар тийкарғы хызметлерди халыққа, соның ишинде, алыс аймақлардағы пуқараларға да жеткериўди аңсатластырмақта.

"Өзбекстан - 2030" стратегиясында санлы технологияларды раўажландырған ҳалда мәмлекетти регионаллық IТ хабқа айландырыў ушын бир қатар ўазыйпалар белгиленген. Атап айтқанда, IТ хызметлер ҳәм программалық өнимлердиң экспорт көлемин 5 миллиард долларға жеткериў мақсети белгиленген. Буның ушын аймақларда IТ инфраструктураны ҳәм венчур базарын раўажландырыў, “local to global” принципи арқалы жергиликли кәрханаларды еэкспортқа алып шығыў, елимизде халықаралық компаниялардың офислерин ашыў сыяқлы көплеген илажлар нәзерде тутылған.

Ҳәзирги ўақытта билимлендириў, банк иси, бажыхана, қаржы, аўыл хожалығы, геология, кадастр сыяқлы тараўларда санлы трансформация жойбарлары әмелге асырылмақта. Жаңа IТ компаниялар шөлкемлестирилмекте. Тараўға сырт ел инвестициялары барған сайын көбирек тартылмақта.

Өзбекстан ҒМДА мәмлекетлери арасында телекоммуникация базарында ең жоқары өсиў пәтин көрсетпекте. Атап айтқанда, Nexign компаниясы ҳәм TelecomDaily мәлимлеме-таллаў агентлигиниң изертлеўине бола, кейинги үш жылда Өзбекстан телекоммуникация базары 12,7 процент өсиўи күтилмекте. Регионның басқа мәмлекетлеринде бул көрсеткиш 4-6 процент әтирапында болады. Базар өсиўиниң тийкарғы драйверлери сыпатында тармақ инфраструктурасын модернизациялаў, 5G технологияларын раўажландырыў, жаңа әўлад санлы хызметлерин иске қосыў сыяқлы факторлар атап өтилген.

Изертлеўге бола, Өзбекстан телекоммуникация базарының көлеми 2020-жылдағы 10,2 триллион сумнан 2024-жылы 20,9 триллион сумға шекем, яғный еки есеге артқан. Тек ғана өткен жылы телекоммуникация базарының көлеми 2023-жылдағыға салыстырғанда 18,6 процентке өсти. Бул көрсеткиш Қазақстанда 11, Қырғызстанда 13,6, Россияда 7,8 процентти қурады.

Nexign компаниясы ҳәм TelecomDaily агентлигиниң таллаўларына бола, усы жылы Өзбекстан телекоммуникация базарының көлеми 24,1 триллион сумнан артып, 15,3 процент өсиўи күтилмекте. Nexign коммерциялық компаниясы директорының тән алыўынша, "Өзбекстан телекоммуникация базары жедел раўажланбақта ҳәм санлы раўажланыўдың үлкен мақсетлерин қоллап-қуўатламақта. Жоқары бәсеки операторларды инновациялық шешимлерди енгизиўге ийтермелейди".

Мәмлекетимизде "Бир миллион программист" жойбары шеңберинде үлкен жетискенликлерге ерисилмекте. Мәселен, онлайн оқыў платформалары пайдаланыўшыларының белсендилиги тийкарында дүньяда профессионал ҳәм санлы көнликпелер дәрежесин баҳалап баратуғын ҳәм ҳәр жылы жәрияланатуғын Global skills рейтингинде (2024-жыл) мәмлекетимиз кадрлар таярлаўға ең көп инвестиция киргизетуғын мәмлекет сыпатында биринши орынды ийеледи.

Сондай-ақ, Өзбекстан Coursera платформасынан пайдаланыўшылар саны бойынша ҒМДА мәмлекетлери арасында жетекши орынды ийеледи. Coursera дүньядағы жетекши университет ҳәм компаниялардың онлайн курслары ҳәм билимлендириў бағдарламаларын усынатуғын платформа болып есапланады.

Және бир жетискенлик: мәмлекетимиз халықты онлайн билимлендириўге кеңнен тартып атырған ең белсенди 6 мәмлекет арасында биринши орынды ийелеп, Сингапур, БАӘ, Канада, Гонконг ҳәм АҚШ сыяқлы мәмлекетлерден озып кетти.

Ҳәзирги тез өзгерип атырған заманда барлық тараўларға мәлимлеме технологияларын билетуғын кадрлар суў ҳәм ҳаўадай зәрүр. Бул тараўдағы хызметлер де, экспорт та мине усы тәжирийбели қәнигелерге байланыслы. Сонлықтан, IТ қәнигелер таярлаў ушын зәрүр инфраструктура басқышпа-басқыш кеңейтилип, жетилистирилмекте.

Ең тийкарғысы, жоқарыда атап өткенимиздей, стратегиялық әҳмийетке ийе тараўдың раўажланыўы турақлы итибарда. Соның ишинде, быйыл 7-февраль күни Президентимиздиң басшылығында аймақларда хызметлер тараўын раўажландырыў мәселесин додалаў бойынша өткерилген видеоселектор мәжилисинде бул бағдарда анық мақсетли ўазыйпалар белгилеп берилген еди.

Мәжилисте мәмлекетимиз басшысы IТ хызметлер көлемин 30 процентке көбейтиў, бул бағдардағы экспортты бир миллиард доллардан арттырыў, аймақлар ҳәм тармақларда санлы хызметлерди кеңнен енгизиў бойынша анық баслама ҳәм механизмлерди усыныс еткен еди. Сондай-ақ, креатив экономикадағы стартап жойбарлар ушын усы жылы 50 миллион доллар ажыратылғаны атап өтилген еди.

Усы жыл 1-июль күни мәмлекетимиз басшысы санлы технологиялар, жасалма интеллект ҳәм телекоммуникация тараўларындағы режелердиң презентациясы менен танысып, мәмлекетимизде санлы технологиялардың раўажланыўы ушын жаратылған кең имканиятлар үлкен нәтийжелер алып келгенин атап өтти. Атап айтқанда, өткен дәўирде IТ парк резидентлери 2 мың 800 ден асты, сырт ел компанияларының саны болса 752 ге жетти. Бул тараўда 40 мың жас жоқары дәрамат таўып атыр.

- Бүгинги күнде 760 мәмлекетлик хызмет санластырылып, өткен жылы олардан 10 миллион пуқара пайдаланған, - дейди санлы технологиялар министри Шерзод Шерматов. - Мәмлекетимиз басшысы енди кейинги "Санлы ҳүкимет" басқышына өтиў ўақты келгенин атап өтти. Оны, бәринен бурын, халық ең көп мүрәжат ететуғын билимлендириў, медицина, қурылыс ҳәм коммуналлық тараўлардан баслаў керек екенлиги айтылды. Буның ушын 2025-2026-жылларда мәмлекетлик уйымлар ҳәм хожалық бирлеспелеринде 68 жойбардың әмелге асырылыўы режелестирилген.

Және бир әҳмийетли тәрепи. Тараўда хызметлер көлеми ҳәм экспортын арттырыў әҳмийетли ўазыйпалардан. Өзбекстандағы шараятлар ҳәм жеңилликлер нәтийжесинде басқа релокантлар да елимизге келиўден мәп көрип атыр. Атап айтқанда, 2017-жылы сырт ел инвестициясына ийе компаниялардың саны 10 ға да жетпеген болса, бүгинги күнде бир айда 30 сырт ел компаниясының жумысы жолға қойылмақта. Бул болса ҳәр бир аймақта тартымлы орталық жаратылып, сырт ел компанияларын тартыў бағдарындағы ҳәрекетлердиң әмелий нәтийжеси болып есапланады.

Сондай-ақ, тараўда жаңадан-жаңа базарлар ашылмақта. Мәселен, буннан үш жыл алдын Японияның ҳеш қандай компаниясы жоқ еди. Бүгин болса усы мәмлекетлик капиталдың қатнасыўындағы 17 компания жумыс алып бармақта. Тез өсип атырған компаниялардың саны Қубла Корея, Германия ҳәм араб мәмлекетлериниң үлесине туўра келмекте.

Лутфулла СУВОНОВ,

“Янги Ўзбекистон” хабаршысы