Сенат оппозиция ҳуқықларын кеңейтиўге байланыслы нызамды мақуллады

    26 маусым 2025 868

    Олий Мажлис Сенатының сегизинши жалпы мәжилисинде "Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине парламенттеги оппозицияның кепиллик берилген ҳуқықларын кеңейтиўге қаратылған өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында"ғы нызам додаланды.

    Атап өтилиўинше, соңғы жыллары мәмлекетимизде сөз еркинлиги орталығының жаратылғаны, халықтың мәплери ҳәм сиясий ерк-ықрары еркин билдирилиўи ушын ҳуқықый тийкарлар беккемленгени, сиясий партиялардың жәмийеттеги ролин және де күшейтиўге қаратылған кең көлемли жумыслардың әмелге асырылып атырғаны атап өтилди.

    Бул Нызам сөз еркинлигин тәмийинлеў, сиясий партиялардың жәмийеттеги орнын және де беккемлеў мақсетинде ислеп шығылған болып, Олий Мажлис Нызамшылық палатасы және сиясий партиялардың жумысына байланыслы 5 нызамға тийисли өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте.

    Оған бола, өзин парламенттеги оппозиция деп жәриялаған сиясий партия фракциясына нызам жойбары екинши оқыўда көрип шығылғанға шекем де сол мәселеге байланыслы нызам жойбарының ямаса оның структуралық бөлиминиң альтернатив редакциясын киргизиў сыяқлы қосымша ҳуқық берилмекте.

    Сондай-ақ, бул фракцияның ўәкиллери Олий Мажлис Нызамшылық палатасының бир комитет баслығы ҳәм еки комитет баслығының орынбасары лаўазымларын кепилликли ийелеўи, ҳәр шеректе "ҳүкимет сааты" ҳәм парламент сораўы шеңберинде мәселе киргизиўи де нәзерде тутылмақта.

    Сенаторлар бул Нызамның турмысқа енгизилиўи нызам дөретиўшилиги ҳәм парламентлик қадағалаў нәтийжелилигин арттырыўға және Олий Мажлис Нызамшылық палатасында оппозицияның кепилликли ҳуқықларын кеңейтиўге хызмет ететуғынын атап өтти.

    Додалаў жуўмағында Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates