Атап өтилгениндей, нызам жазаны өтеў мәкемелеринде жазаны өтеп атырған судланғанлар менен алып барылып атырған тәрбия жумысларының нәтийжелилигин арттырыўға, олардың шаңарақ ҳәм жәмийеттен ажыралып қалыўының алдын алыўға, китап оқыўын хошаметлеўге, олардың нызамға бойсыныўшылығын, руўхый-әдеп-икрамлылық қәдириятларын қәлиплестириўге қаратылған.
Нызам менен Өзбекстан Республикасының Жынаят, Жынаят-процессуаллық ҳәм Жынаят-орынлаў кодекслерине судланғанлар дүзелиў жолына өткени мүнәсибети менен олардың жазаны өтеў мүддетин қысқартыўды нәзерде тутатуғын қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизилмекте.
Атап айтқанда, Жынаят кодекси шахс дүзелиў жолына өткени мүнәсибети менен жазаны өтеў мүддетин қысқартыўды нәзерде тутатуғын 741-статья менен толықтырылмақта.
Онда, егер судланғанлар Республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайы тәрепинен тастыйықланған, судланғанларда дурыс руўхый-әдеп-икрамлылық қәдириятларды қәлиплестириўге қаратылған әдебиятлар дизиминдеги китапларды оқыған болса ҳәм усы китапларды оқығанлығы тастыйықланса, Комиссияның жуўмағы тийкарында ҳәр бир оқылған китап ушын жазаны өтеў мүддети үш күнге, бирақ жылына отыз күннен аспаған муғдарда қысқартылыўы мүмкин екенлиги белгиленбекте.
Бул норма тек ғана мүддетинен алдын шәртли азат етиў нәзерде тутылған шахсларға қолланылатуғыны (өмирлик еркинен айырыў жазасына ҳүким етилгенлер буннан тысқары) белгиленбекте.
Нызамшылыққа киргизилип атырған бул өзгерислер жазаны өтеў мәкемелеринде жазаны өтеп атырған 13,5 мыңнан аслам судланыўшыға қолланылады.
Соның менен бирге, нызам менен "Ҳуқықбузарлықлар профилактикасы ҳаққында"ғы нызамға профилактикалық есапқа алыў тийкарларын анықластырыў ҳәм профилактикалық есапқа алыныўы зәрүр болған ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлардың түрлерин жынайый қылмыстың жәмийетлик қәўиплилик дәрежеси, характери ҳәм келешекте жүз бериў имканияты сыяқлы нормалардан келип шыққан ҳалда белгилеўди нәзерде тутатуғын өзгерислер киргизилмекте.
Буннан тысқары, Нызам менен Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 12810 ҳәм 131-статьяларында нәзерде тутылған ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық, яғный жолдағы тәртипбузарлық ҳәм транспорт қуралларын мәс ҳалда басқарғаны ушын суд тәрепинен белгили бир мүддетке транспорт қуралларын басқарыў ҳуқықынан айырылған шахсларды профилактикалық есапқа алыў айрықша категория сыпатында белгиленбекте.
2024-жылы транспорт қуралларын басқарыў ҳуқықынан айырылған 11 мыңға шамалас шахсқа байланыслы 23 мың 582 жол ҳәрекети қағыйдабузарлығы анықланған. Буның ақыбетинде 1 мың 19 жол-транспорт ҳәдийсеси жүз берип, 295 пуқара қайтыс болған, 873 пуқара жарақатланған.
Усы мүнәсибет пенен профилактика инспекторлары тәрепинен жол-патруль хызмети хызметкерлерине жәрдемлесиў әмелияты жолға қойылып, транспорт қуралларын басқарыў ҳуқықынан айырылған шахслар тәрепинен әмелге асырылып атырған ҳуқықбузарлықлардың ерте алдын алыў ҳәм өз ўақтында анықлаў имканиятлары кеңейтилмекте.
Сенаторлардың атап өткениндей, нызамның қабыл етилиўи судланғанлардың минез-қулқын дүзетиў, оларда жәмийетлик қағыйдалар ҳәм дәстүрлерге ҳүрметти қәлиплестириў бағдарындағы жумыслардың нәтийжелилигин арттырыўға, сондай-ақ, профилактикалық есапта турған шахслар менен өткерилетуғын илажларды және де жетилистириў арқалы елимизде жынаятшылыққа қарсы гүресиў ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыўға хызмет етеди.
Сенаторлар тәрепинен нызам мақулланды.