Атап өтилгениндей, өткен дәўирде ҳаял-қызлар ҳәм ер адамлар ушын тең ҳуқық және имканиятларды тәмийинлеў, ҳаял-қызлардың экономикалық ҳәм социаллық шараятларын жақсылаўға қаратылған 15 нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет қабыл етилди.

Миллий кадрлар резервинде ҳаял-қызлардың үлеси алдынғы жылларға салыстырғанда 2 есеге көбейип, 27 процентке жетти.

Бюджет қаржыларын режелестириў процесинде гендер көзқарасын енгизиўге қаратылған гендер көрсеткишлери ислеп шығылды ҳәм бюджет бағдарламаларының жойбарларын таярлаў және қәлиплестириўде пайдаланыў ушын барлық министрликлер ҳәм уйымларға усынылды.

Жаңа редакцияда Мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерде гендерлик аудит өткериў методикасы қабыл етилип, орынлаўға жиберилди ҳәм оның тийкарында Ишки ислер министрлиги және Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлигинде гендерлик аудит өткерилди.

Аграр тараўда 2025-2030-жылларға мөлшерленген гендер теңлик стратегиясы ислеп шығылды ҳәм орынлаўға қаратылды.

"Лидер ҳаял-қызлар мектеби" оқыў бағдарламасының 4 мәўсими жуўмақланып, 244 ҳаял-қыз қамтып алынды, олардан 60 ҳаял-қыз басшылық лаўазымларына тайынланды.

Судялар жоқары мектебине ҳаял-қызлар ушын 2025/2026-оқыў жылы ушын қосымша 12 квота ажыратылыўы нәтийжесинде 164 тыңлаўшының 38 ин ямаса 23 процентин ҳаял-қызлар қурады.

2025-жылы ҳаял-қызлардың 12,4 миллиард сумлық 21 стартап жойбары қоллап-қуўатланды.

Сиясий партиялар тәрепинен жәмийетте "сиясатшы ҳаял" образы ҳаққында унамлы пикирди қәлиплестириўге қаратылған жүзден аслам үгит-нәсият илажлары өткерилип, оларда 27 мыңнан аслам пуқара қамтып алынған.

Өзбекстанда ҳаял-қызларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олардың ҳуқықлары менен мәплерин тәмийинлеў бағдарындағы жумыслар халықаралық жәмийетшилик тәрепинен тән алынған.

Парламентлераралық аўқамның 2025-жыл октябрь айында Женевада болып өткен 151-сессиясында парламенттиң төменги палатасында ҳаял-қызлардың белсендилиги бойынша Өзбекстан дүньяда 15-орында турғаны атап өтилди.

Жәҳән банкиниң баҳалаўына бола, Өзбекстан ҳаял-қызлардың экономикалық ҳәм сиясий ҳуқықларын кеңейтиў бойынша ең үлкен жетискенликлерге ерискен бес мәмлекет қатарына киреди. Ашық гендер мағлыўматлар индексинде болса Өзбекстан дүньяның ең жақсы 20 мәмлекетиниң қатарына кирди. Гендер теңлик ҳәм басқарыў индексинде мәмлекетимиз 103-орыннан 52-орынға көтерилди.

Мәжилисте белгиленген мақсетли көрсеткишлерден артта қалыў себеплери де сын көзқарастан көрип шығылып, тийисли министрликлер ҳәм уйымларға көрсетпелер берилди.

Ҳаял-қызлардың экономикалық белсендилигин кеңейтиў, мийнетке ҳақы төлеўдеги айырмашылықты қысқартыў, жоқары дәраматлы қаржы ҳәм ИТ тараўларына ҳаял-қызларды кеңнен тартыў, мәмлекетлик кәрханалардың атқарыў уйымлары, соның ишинде, директорлар кеңеси ҳәм бақлаў кеңеси қурамында ҳаял-қызлардың үлесин арттырыў, гендер теңликти тәмийинлеў мәселесинде қәлиплескен ҳәр қыйлы стереотиплердиң алдын алыў, тийисли нормаларды халық арасында кеңнен үгит-нәсиятлаў көлемин кеңейтиў зәрүрлиги атап өтилди.

Сенаторлардың пикиринше, бул бағдарлама миллий ҳәм халықаралық миннетлемелерди орынлаўға хызмет етеди. Бағдарламада белгиленген ўазыйпа ҳәм илажларды өз ўақтында әмелге асырыў зәрүрлиги атап өтилди.

Додалаў жуўмақлары бойынша көрип шығылған мәселе бойынша Сенаттың тийисли қарары қабыл етилди.