баннер
1 Apr 2025
22:08

    Сенат комитетлери "2025-жыл ушын Мәмлекетлик бюджет ҳаққында"ғы нызамды дәслепки тәризде көрип шықты

    12 Dekabr 2024 749

    Сенаттың Бюджет ҳәм экономикалық мәселелер, Аграр, суў хожалығы мәселелери ҳәм экология және Халықаралық қатнасықлар, сыртқы экономикалық байланыслар, сырт ел инвестициялары ҳәм туризм мәселелери комитетлериниң қоспа мәжилисинде "2025-жыл ушын Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджети ҳаққында"ғы нызам сенаторлар, экспертлер және жуўапкер министрликлер менен уйымлардың ўәкиллери қатнасыўында дәслепки тәризде додаланды.

    Ҳәзирги ўақытта дүньядағы қурамалы ҳәм анық емес жағдай, жәҳән экономикалық өсиў пәтлериниң төменлеўи шараятында Өзбекстан экономикасы турақлы өсиў пәтлерин сақлап қалмақта. 2025-жылға мөлшерленген прогнозға бола, экономикалық өсиў пәти 6,0 процентти қурайды.

    2026-2027-жылларда болса экономикалық өсиў пәтлери сәйкес түрде 6,1 ҳәм 6,3 процентке артыўы күтилмекте.

    Келеси жылы экономикалық белсендиликтиң артыўы есабынан бюджетке салық ҳәм салықтан тысқары түсимлерди арттырыў арқалы Мәмлекетлик бюджет дәраматлары 308,5 триллион сум муғдарында прогноз етилмекте.

    2025-жылғы Мәмлекетлик бюджет қәрежетлери 344,8 триллион сум муғдарында режелестирилген болып, 52 проценти ямаса 177,7 триллион сум социаллық қәрежетлерди қаржыландырыўға бағдарланады.

    Сондай-ақ, Мәмлекетлик бюджет есабынан аўыл хожалығына 3,3 триллион сум, суў хожалығына 10,7 триллион сум ҳәм экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаўға 3,6 триллион сум ажыратылыўы режелестирилген.

    Фискал турақлылықты тәмийинлеў мақсетинде бюджет жетиспеўшилигин азайтыў орта мүддетли келешекке мөлшерленген фискал сиясаттың бас мақсетлеринен бири болып қалмақта.

    Мәжилисте бул нызам бойынша Экономика ҳәм қаржы министрлиги ўәкиллериниң мәлимлемеси тыңланды және сенаторлар, экспертлер ҳәм жергиликли Кеңеслердиң турақлы комиссиялары тәрепинен қызғын додаланып, пикир-усыныслар билдирилди.

    Додалаў жуўмағы бойынша Сенат комитетлериниң тийисли қарарлары қабыл етилди, деп хабар береди Олий Мажлис Сенатының баспасөз хызмети.

    No date selected
    April 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech