Сенат Баслығы Халықаралық мийнет шөлкеминиң Бас директоры менен ушырасты

    Женева қаласында Халықаралық мийнет шөлкеминиң 113-сессиясы шеңберинде Олий Мажлис Сенатының Баслығы, Адам саўдасына қарсы гүресиў ҳәм мүнәсип мийнет мәселелери бойынша миллий комиссияның баслығы Танзила Нарбаева Халықаралық мийнет шөлкеми (ХМШ) Бас директоры Жилбер Унгбо менен ушырасыў өткерди.

    Сөйлесиў даўамында Өзбекстан ҳәм ХМШ арасындағы бирге ислесиў байланысларының ҳәзирги жағдайы ҳәм перспективалары, сондай-ақ, әмелге асырылып атырған бир қатар әҳмийетли баслама ҳәм жойбарлар додаланды.

    Соның ишинде, ҳәр жылы социаллық мийнет ҳуқықлары ҳәм басқа да бағдарларда ХМШ менен қол қойылып атырған келисимлер избе-из әмелге асырылып атырғаны атап өтилди. Буннан тысқары, Өзбекстанда "Стратегия - 2030" шеңберинде алып барылып атырған реформалар ХМШның тийкарғы бағдарлары ҳәм принциплерине толық сәйкес екени атап өтилди.

    Сондай-ақ, ушырасыўда мүнәсип мийнет бойынша 2021-2025-жылларға мөлшерленген мәмлекетлик бағдарламаның әмелге асырылыўы бойынша пикир алысылды, деп хабар бермекте Олий Мажлис Сенатының баспасөз хызмети.

    No date selected
    July 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates