Нызам менен 2025-жылға мөлшерленген салық-бюджет сиясатының тийкарғы бағдарларын белгилеў, соның ишинде, әмелдеги нызамшылықты Жәҳән саўда шөлкеминиң келисимлерине муўапықластырыў, Президентимиздиң исбилерменлер менен ашық пикирлесиўи шеңберинде бизнес жүргизиўди жеңиллестириў бойынша белгилеп берилген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде айырым нызам ҳүжжетлерине қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизилмекте.
2025-жыл ушын белгиленген салық сиясатында тийкарғы салық ставкалары қосымша қун салығы 12 процент, пайда салығының базалық ставкасы 15 процент, физикалық тәреплерден алынатуғын дәрамат салығы 12 процент, юридикалық тәреплердиң мүлкине салынатуғын салық ставкасы 1,5 процент, аўыл хожалығына мөлшерленген жерлер ушын жер салығы 0,95 процент, аўыл хожалығы жерлерин суўғарыў ҳәм балықларды жетистириў (өстириў) ушын суў ресурсларынан пайдаланғаны ушын салық 1 куб метрге 100 сум, социаллық салық 12 процент (бюджет шөлкемлери - 25 процент), айланыстан алынатуғын салық 4 процент муғдарында өзгериссиз қалдырылмақта.
Нызамның қабыл етилиўи нәтийжесинде исбилерменлик субъектлерине қолайлы шараятларды жаратыў имканиятын беретуғын салық миннетлемелерин орынлаў бойынша тийисли ҳуқықый қатнасықлардың тәртипке салыныўы тәмийинленеди.
Атап өтилгениндей, салық сиясатында тийкарғы салық ставкаларын өзгериссиз сақлаған ҳалда халықты саламат турмыс тәризине тартыў ҳәм қоршаған орталықты қорғаўды хошаметлеў бағдарлары нәзерде тутылмақта.
2025-жыл 1-январьдан баслап исбилерменлер ушын салық жүгин азайтыў арқалы қолайлы бизнес орталығын жаратыў мақсетинде мобил байланыс хызметлери ушын акциз салығы бийкар етиледи ҳәм барлық баспа ҳәм полиграфия кәрханалары 2025-жыл 1-январьдан 2029-жыл 1-январьға шекем пайда салығынан азат етиледи.
Нызамда халық депутатлары жергиликли Кеңеслериниң жергиликли бюджетке байланыслы ўәкилликлери кеңейтилген. Оларға район ҳәм қалалардың экономикалық раўажланыў дәрежесинен келип шығып, жеке тәртиптеги исбилерменлер ушын қатаң салық ставкасын ең кем ҳәм ең жоқары ставкалар шеңберинде белгилеў және суў ресурсларынан пайдаланғаны ушын салық және рудалық емес қурылыс материаллары бойынша жер астынан пайдаланғаны ушын салық ставкаларына арттыратуғын ҳәм азайтыўшы коэффициентлерди қолланыў ўәкилликлери бериледи, деп хабар береди Олий Мажлис Сенатының баспасөз хызмети.
Сенаторлар өз шығып сөйлеўлеринде Нызамда бюджет дәраматлары базасын кеңейтиў, салық сиясатын белгилеўде саламат турмыс тәризин жақсылаў ҳәм тәбиятты қорғаўды хошаметлеў мәселелерине итибар қаратылғанын атап өтти.
Додалаў жуўмағында Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.