Сенатта халықты субсидия тийкарында арзан турақ жай менен тәмийинлеў мәселелери додаланды

    Усы жылы 27-ноябрьде Сенаттың Суд-ҳуқық мәселелери ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў комитети тәрепинен "Юксалиш" улыўма миллий ҳәрекети менен биргеликте "Халықты субсидия тийкарында арзан турақ жай менен тәмийинлеў" темасында жәмийетлик тыңлаў шөлкемлестирилди.

    Бул жәмийетшилик тыңлаўында халықты субсидия тийкарында арзан турақ жай менен тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша Экономика ҳәм қаржы министрлиги, Орайлық банк ҳәм басқа да жуўапкер шөлкемлердиң баянатлары тыңланды.

    Сондай-ақ, сенаторлар тәрепинен ипотека кредити бойынша мәмлекетлик субсидияларды бериўдеги әдалатсызлық қәўиплерин баҳалаў бойынша өткерилген изертлеў нәтийжелери ҳәм оның нәтийжесинде ислеп шығылған усыныслар қызғын додаланды.

    Атап өтилиўинше, тараўда ипотека кредитлерин бериў көлемин және де кеңейтиў, жеке меншик жумысты бөлип алып ислеўши шөлкемлерди раўажландырыў ушын зәрүр шараятларды жаратыў, турақ жай шараятларын жақсылаўға мүтәж шахсларды қоллап-қуўатлаўдың жаңа механизмлерин енгизиў, жер ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў айрықша әҳмийетке ие.

    Додалаўлар даўамында жетик илимпазлар ҳәм қәнигелердиң пикирлери тыңланды.

    Мәжилис жуўмағында халықты турақ жай менен тәмийинлеўге қаратылған усыныслар улыўмаластырылып, жуўапкер министрликлер ҳәм уйымларға усыныўға қарар етилди, деп хабар береди Олий Мажлис Сенатының баспасөз хызмети.

    No date selected
    January 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates