Сөйлесиў ўақтында Елшиниң Өзбекстандағы дипломатиялық жумысының табыслы ҳәм нәтийжели дәўири жуўмақланды. Оның кейинги төрт жыл ишинде Өзбекстан-Россия қатнасықларын раўажландырыў ҳәм беккемлеўге қосқан салмақлы үлеси атап өтилди.
Парламентлераралық, соның ишинде, халықаралық парламент структуралары шеңбериндеги бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Өзбекстан ҳәм Россия Президентлериниң сиясий ерк-ықрары еки тәреплеме байланысларды раўажландырыў ҳәм тереңлестириў ушын тийкар сыпатында шешиўши әҳмийетке ийе екени атап өтилди. Сондай-ақ, еки тәреплеме сөйлесиўди жеделлестириўде парламентлердиң әҳмийети артып атырғаны атап өтилди.
Ушырасыў жуўмағы бойынша тәреплер еки мәмлекет халықларының мәплери жолында конструктивлик ҳәм өз-ара пайдалы бирге ислесиўди даўам еттириўге келисип алды, деп хабар береди Олий Мажлис Сенатының баспасөз хызмети.









