Сенатта Өзбекстан ҳәм Венгрия парламентлери арасындағы бирге ислесиўди беккемлеў мәселелери додаланды

    Олий Мажлис Сенатының Баслығы Танзила Нарбаева Венгрия Миллий мәжилиси Баслығының орынбасары Иштван Якаб басшылығындағы Венгрия парламенти делегациясы менен ушырасыў өткерди.

    Ушырасыўда Өзбекстан ҳәм Венгрия қатнасықлары кейинги жылларда жаңа басқышқа көтерилгени, еки мәмлекет арасында стратегиялық шериклик ҳәм исенимге тийкарланған нәтийжели бирге ислесиў раўажланып атырғаны атап өтилди.

    Тәреплер саўда-экономикалық байланысларды буннан былай да кеңейтиў, аўыл хожалығы, автомобиль қурылысы, қурылыс, илим, билимлендириў, инновация ҳәм туризм тараўларындағы бирге ислесиўди тереңлестириў мәселелерин додалады.

    Транспорт-логистика системасын раўажландырыў, аўыл хожалығында қоспа басламаларды әмелге асырыў, инвестициялық бирге ислесиўди кеңейтиў ҳәм өз-ара товар алмасыў көлемин арттырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

    Туризм тараўындағы бирге ислесиў перспективалары да додаланды. Мәселен, еки мәмлекет арасында тиккелей авиақатнаўларды жолға қойыў имканиятлары көрип шығылды.

    Тәреплер илимий мәкемелер арасындағы шерикликти раўажландырыў, профессор-оқытыўшылар ҳәм жас илимпазлар арасында тәжирийбе алмасыўға байланыслы басламаларды қоллап-қуўатлаў әҳмийетли екенин атап өтти.

    Ушырасыўда парламентлераралық байланысларды беккемлеў әҳмийетли бағдарлардан бири екени атап өтилди. Нызам шығарыўшы уйымлар арасындағы турақлы сөйлесиў ҳәм делегациялардың алмасыўы мәмлекетлер арасындағы өз-ара исенимди беккемлеўге ҳәм еки тәреплеме қатнасықларды турақлы раўажландырыўға хызмет етип атырғаны атап өтилди.

    Тәреплер нызам дөретиўшилиги тараўында тәжирийбе алмасыў, биргеликтеги жойбарларда қатнасыў ҳәм парламентлераралық сөйлесиўди мазмун менен байытыўдан мәпдар екенин билдирди.

    Ушырасыў жуўмағында Өзбекстан ҳәм Венгрия парламентлери арасындағы бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў мақсетинде парламентлераралық дослық топарларының жумысын жеделлестириўге келисип алынды.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates