Сейсмикалық қәўипсизликти күшейтиў бойынша усыныслар таныстырылды

    Президент Шавкат Мирзиёев 13-май күни сейсмикалық қәўипсизликти күшейтиў илажларына байланыслы усыныслардың презентациясы менен танысты.

    Мәмлекетимизде дөретиўшилик көлеми кең. 2017-жылдан берли орынларда 11 мың 410 көп қабатлы турақ жайлар қурылған. Бул халықты турақ жай менен жетерли дәрежеде тәмийинлеў, турмыс шараятларын жақсылаўға хызмет етпекте.

    Қурылыстың тийкарларынан бири болған сейсмология тараўы да раўажланбақта. Бул бағдарда сырт ел илимий орайлары менен бирге ислесип, инновациялық технологияларды енгизиўге итибар қаратылмақта. Соның менен бирге, мәмлекетимиз көп тараўларда интакер де болып есапланады.

    Бизге белгили, 1966-жылы 29-апрельде Ташкент қаласында ўайран етиўши жер силкиниў жүз берген. Өзбекстан Президенти жер силкиниў қурбанларына ҳүрмет көрсетиў ҳәм бул бағдарда халықаралық бирге ислесиў зәрүр екенлигин еслетиў мақсетинде еслеў ҳәм тилеклеслик күнин шөлкемлестириў басламасын алға қойған еди. Буның тән алыныўына бола, жақында БМШ Бас Ассамблеясы 29-апрельди Халықаралық жер силкиниў қурбанларын еслеў күни, деп жәриялаў ҳаққында резолюция қабыл етти.

    Бул тараўда халықаралық стандартларға сай болыў ушын мәмлекетимиз басшысы жаңадан қурылып атырған жайлардың сапасына итибарды күшейтиў ўазыйпасын қойған еди. Соған муўапық, көп қабатлы турақ жайлардың жер силкиниўге шыдамлылығын арттырыў ҳәм халықтың сейсмикалық қәўипсизлигин тәмийинлеў илажлары көрилмекте.

    Соның ишинде, мәмлекетлик жойбарлаў институтларының қәнигелериниң қатнасыўында орынларда үйрениўлер өткерилди. Усы үйрениў нәтийжелери ҳәм аймақлардың сейсмикалық жағдайының анализи тийкарында бул системаны буннан былай да жетилистириў бойынша усыныслар ислеп шығылды.

    Оған бола, сырт елли қәнигелер тартылған ҳалда, имаратларды үйрениў бойынша жаңа әмелият жолға қойылады. Жер силкиниўине ҳәм басқа да тәбийғый апатшылықларға шыдамлы турақ жайларды қурыў бойынша тәжирийбе алмасыў кеңейтиледи. Имаратлар инструментал техникалық тексериўден өткерилип, кемшиликлер сапластырылады.

    Бул үйрениўлер ҳәм сырт ел тәжирийбеси тийкарында, сейсмикалық қәўипти, тәсирди ҳәм қәўипти баҳалаў бойынша нормативлик ҳүжжетлерге өзгерислер киргизиледи.

    Мәмлекетимиз басшысы қурылыста сапа ҳәм қәўипсизлик биринши орында екенин атап өтип, бул бағдарларды илимий раўажландырыў, тараўға заманагөй қатнасларды енгизиў бойынша көрсетпелер берди.