Мәмлекетимиз басшысы өзиниң хатында Руҳаний ҳәзиретлери Өзбекстан ҳәм Ватикан арасындағы байланысларды раўажландырыў, динлер ҳәм конфессиялараралық дослықты беккемлеў, пүткил дүньяда мүтәж инсанларды қоллап-қуўатлаў, жақсы идеяларды кеңнен үгит-нәсиятлаў жумысына мүнәсип үлес қосқанын атап өтти.
Президентимиз Ватикан халқына, жер жүзиндеги пүткил католик халқына терең қайғырыў ҳәм кеўил билдириў туйғыларын билдирди.








