Нызамға бола, кредит питими дүзиўи қадаған етилген шахслар реестри - бул кредит питими дүзиўи қадаған етилген физикалық шахслар ҳаққындағы мағлыўматты өз ишине алған ҳәм кредит бюролары тәрепинен жүргизилетуғын бирден-бир мағлыўматлар базасы болып есапланады.
Орайлық банк бундай шахслардың өз-ара муўапықластырылған реестрин кредит бюролары тәрепинен жүргизилиўи тәртибин белгилейди.
Сондай-ақ, кредит бюросының устав фонды (устав капиталы) ның ең аз муғдары 2 миллиард сумды қураўы керек екенлиги белгиленди.
Кредит бюроларына қарата Орайлық банк төмендеги қағыйдабузарлықлар жүз бергенлиги ушын шаралар ҳәм санкцияларды қолланады:
- кредит мәлимлемеси алмасыўы ҳаққындағы ҳәм кредит бюролары жумысын тәртипке салыўшы нызамшылық талапларына әмел етпеў;
- кредит бюролары хызметлери тутыныўшыларының ҳуқықларын бузыў;
- лицензия қәлбеки ҳүжжетлерден пайдаланған ҳалда алынғанлығы фактиниң анықланғанлығы.
Орайлық банк бул қағыйдабузарлықларды сапластырыў ушын мәжбүрий көрсетпелер жибериў ҳәм БЕМның 5 мың есесине шекемги муғдарда жәрийма қолланыў ҳуқықына ийе.
Буннан тысқары, физикалық тәреп өзиниң қатнасыўысыз ямаса хабарысыз кредит питими рәсмийлестирилиўиниң алдын алыў ушын өзи менен кредит питимин дүзиўди кредит бюросына арза киргизиў арқалы қадаған етиўи мүмкин.
Кредит питимин дүзиўди қадаған етиў яки бундай қадаған етиўди алып таслаў ықтыярлы әмелге асырылады.