Соған қарамастан, бүгинги жоқары раўажланыў әсиринде де балалардың өмири, саламатлығы ҳәм қәўипсизлигин тәмийинлеўде шешимин күтип атырған машқалалар аз емес. Мағлыўматларға қарағанда, дүнья жүзи бойлап 5 жасқа шекемги дерлик 400 миллион бала шаңарақта турақлы психологиялық агрессия ямаса физикалық жаза илажлары астында қалмақта. Сондай-ақ, 160 миллион бала мәжбүрий мийнетке тартылмақта.
Адам саўдасынан жәбирленгенлердиң 35 проценти әйне балалар екени ашынарлы жағдай. Бул глобал машқала дүнья жәмийетшилигин тәшўишке салмай қоймайды, әлбетте. 1-июнь Халықаралық балаларды қорғаў күни сыпатында белгилениўи тийкарында да келешек раўажланыўына тосқынлық етип атырған әне усындай машқалаларға инсанияттың итибарын және бир мәрте қаратыў, балалар ҳуқықларын қорғаў жолында өз-ара ҳәрекетлерди бирлестириў, алдынғы тәжирийбелерди ғалаба ен жайдырыў мақсети гөзленген.
Халқының үштен бир бөлегин балалар қурайтуғын Өзбекстан ушын да бул мәселелер бәрқулла әҳмийетли болып келген. Соңғы жыллары елимизде бала ҳуқықларын қорғаў мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарларынан бирине айланды. Балалар ҳуқықларының кепиллиги жаңа редакциядағы Конституциямызда да беккемлеп қойылды. Жас әўладты қорғаў ҳәм қоллап-қуўатлаў бағдарында шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый тийкарлар жетилистирилди. 50 ден аслам нызам, 400 ден аслам нызамнан келип шығатуғын ҳүжжет қабыл етилгени, парламенттиң Бала ҳуқықлары бойынша ўәкили - Балалар омбудсманы институтының шөлкемлестирилгени мәмлекетимизде бул бағдарға қаншелли үлкен итибар қаратылып атырғанын айқын көрсетеди.
Өзбекстанда балалар мийнетинен пайдаланыў мәселесин шешиўде тарийхый өзгерислер әмелге асырылды. Мәмлекетимиз басшысының сиясий ерк-ықрары ҳәм исеними менен қысқа мүддетте пахта терими мапазында балалар мийнети пүткиллей сапластырылды.
Бул бағдардағы ҳәрекетлер халықаралық жәмийетшилик тәрепинен тән алыныўы менен бир қатарда, басқа мәмлекетлер ушын үлги етип көрсетилмекте. Соның ишинде, өткен жылы елимизге келген БМШ Бас хаткери Антониу Гутерриш Өзбекстанда инсан ҳуқықларын тәмийинлеў бағдарындағы ийгиликли жумысларды жоқары баҳалап, бул өзгерислер тек ғана регион емес, ал дүнья мәмлекетлери ушын үлги бола алатуғынын атап өткен еди. Кейинги жыллары Өзбекстанның Балалардың абаданлығы бойынша глобал индекстеги орны артқаны тараўдағы ийгиликли жумыслардың және бир дәлили болып есапланады.
"Ақлығым ояныўы менен "бақшаға кетемен", дейди"
Қәнигелер ҳәм педагоглардың илимий жуўмақларына бола, инсан өмири даўамында алатуғын барлық мәлимлеме ҳәм мағлыўматлардың 70 процентин 5 жасқа шекемги дәўирде қабыл етеди. Мине усы дәлилдиң өзи балаларымыздың жетик ҳәм бәркамал шахс болып камалға келиўинде бақша тәрбиясының қаншелли үлкен әҳмийетке ийе екенин айқын көрсетеди.
Бирақ буннан 7-8 жыл бурын елимизде бул бағдардағы жағдай пүткиллей қанаатландырарсыз еди, десек қәте болмайды. Аўыл түўе, үлкен қалаларда да балаларды бақшаға бериўде узыннан-узақ нәўбетлер болатуғын еди, таныс-билис болмаса жумысты питкериў машақатлы еди. Бул жағдай халықтың қатаң наразылықларына себеп болатуғыны тәбийғый, әсиресе, жас балалы ҳаяллардың ислеўи, денсаўлығына итибар қаратыўы, оқыў ҳәм дөретиўшилик-интеллектуаллық жақтан раўажланыўына тосқынлық ететуғын еди.
Президентимиз жумысының дәслепки жылларынан баслап бул мәселелердиң шешимине айрықша итибар қаратып, мектепке шекемги билимлендириў системасын түп-тийкарынан жетилистириў мақсетин алға қойды. Тийисли ҳуқықый ҳүжжетлер қабыл етилип, тараўда жаңа система жаратыўға кирисилди. Бүгинги күнге келип болса үлкен нәтийжелерге ерисилгенин турмыстың өзи анық көрсетип тур. Ҳәзирги ўақытта балалардың мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерине қамтып алыўы 76 процентке, 6 жасар балалардың мектепке таярлаў топарларына қамтып алыў дәрежеси болса 96 процентке жеткерилгени буның дәлили.
Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлигиниң мағлыўматына бола, мәмлекетимиздиң шетки мәҳәллелеринде "Ақлвой" автобуслар мобил топарларының жумысы жолға қойылды. ЮНИСЕФ пенен биргеликте ҳәр қыйлы жастағы балалар мектепке шекемги билимлендириў топарларына қамтып алынды. Жәҳән банки менен биргеликте бир қатар районларда "Дәслепки раўажланыў орайлары" ашылды. Сондай-ақ, район ҳәм қалаларда таяныш мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң жумысы жолға қойылып, электрон доска ҳәм планшетлер менен тәмийинленди.
Билимлендириў-тәрбия процесине инновация, алдынғы педагогикалық ҳәм санлы технологияларды енгизиў мақсетинде барлық мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери методистлери лаўазымы тийкарында директор орынбасары лаўазымының енгизилгени тараўдың раўажланыўында және бир әҳмийетли қәдем болды. "Методикалық шеберлик күни" илажларын өткерген директор орынбасарларына лаўазым мийнет ҳақысының 20 проценти муғдарында қосымша айлық үстеме төлеў системасы енгизилди.
Таяныш билимлендириў шөлкемлеринде мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң педагоглары ушын директор орынбасарлары тәрепинен "Методикалық шеберлик сааты" илажлары өткерилмекте. Бул илажлар мектепке шекемги билимлендириў системасының жумысын буннан былай да раўажландырыў, ҳәттеки алыс аўылларда да балаларды бақшаларға тартыў имканиятын бермекте.
Бүгинги заманагөй имканиятларды көрип балалық жылларым есиме түседи. Сол ўақытта еки аўыл арыда бақша ашылғанын, бирге ойнайтуғын гейпара қурдасларымның оған қатнайтуғынын еситип, "мен де бақшаға бараман" деп қатты қыйналған едим. Бирақ атызға азанда кетип, қараңғы түскенде қайтатуғын ата-анамның үйимизден әдеўир алыстағы бақшаға бизлерди апарып қайтыўға шамасы жоқ еди. Жолдың узақлығы ушын досларымның қуўанышы да узаққа бармады, 2-3 ай өтип олар да бақшадан қалып қойды.
Еки жыл алдын аўылымызда жаңа бақша ашылғанын еситип жүдә қуўандым. Аўылдың дәл ортасындағы мәкеме қатнаў ушын жүдә қолайлы. Ата-аналар азанда жумысқа кетерде баласын бақшаға тапсырып, жумыстан қайтқанда алып кетиўи мүмкин.
- Аўылымызда бақша ашылғаны жүдә жақсы болды, - дейди Бухара ўәлаяты Қаракөл районындағы Мустақиллик мәҳәллесинде жасайтуғын Мастура Ҳазратқулова. - Ҳәзир еки ақлығым бақшаға қатнап атыр. Дәслепки күнлерде олардың "бақшаға бармайман" деген сөзлеринен руўхым әдеўир төменлеген еди. Себеби бақшада тәлим-тәрбия алып атырған балалардың ҳәр тәреплеме раўажланыўына ҳәўес етер едим. Қалаберди, үйде де жумыс көп, жумыстан тысқары балалардың тәлим-тәрбиясы менен турақлы шуғылланыў қыйын. Бирақ бақша апалары бар шеберлиги ҳәм меҳир-муҳаббаты менен ақлықларымды өзине тарта алды. Ҳәзир ақлықларым дем алыс күнлери де ояныўы менен "бақшаға кетемен", дейди. Бақшаға барғаннан берли олардың дүньяға көзқарасы өсип атыр, тили шешен, қәдеми пәтли, руўхы тетик. Әсиресе, қатар-қурбылары менен дос-яран болып, жайнап-жаснап ойнап жүргенин көрсем, кеўлим жайнайды. Шетки аўылда қаладан қалыспайтуғын усындай заманагөй шараятлар жаратылғанынан биз, ҳаял-қызлар оғада қуўанышлымыз.
Енди бул имканиятлар және де кеңейеди. Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен келешекте Косонсой ҳәм Тойлоқ районларының тәжирийбеси тийкарында барлық район (қала) ларда басқышпа-басқыш ҳәр жылы орташа 50 ден "Дәслепки раўажланыў орайлары"ның жумысы жолға қойылатуғыны белгиленген. Бул орайларға мектепке шекемги билимлендириў менен қамтып алынбаған, кем тәмийинленген, айрықша билимлендириўге мүтәжлиги болған шаңарақлардың перзентлери қамтып алынады. Сондай-ақ, кәмбағаллық дәрежеси жоқары мың мәҳәлледе биреўден шаңарақлық мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў шөлкемин ашыў режелестирилген. Министрлер Кабинетиниң тийисли қарары тийкарында алыс ҳәм таўлы аймақларда арнаўлы үскенеленген 30 автобус негизинде мобиль топарлардың жумысы жолға қойылады. Бул мобиль топарлар зәрүр мебель ҳәм спорт инвентарлары, ойыншықлар, дидактикалық материаллар ҳәм балалар әдебиятлары менен толық тәмийинленеди.
Мектепке шекемги билимлендириўдиң мәмлекетлик оқыў бағдарламалары халықаралық стандартлар тийкарында қайта көрип шығылады ҳәм мектепке таярлаў ҳәм баслаўыш билимлендириў оқыў бағдарламаларының өз-ара үзликсизлиги тәмийинленеди. Мәмлекетлик билимлендириў бағдарламасы тийкарында халықаралық стандартларға тийкарланған оқыў-методикалық комплекслер жаратылады. Бунда киши ҳәм орта топар балаларында когнитивлик, психомотор ҳәм социаллық көнликпелерди раўажландырыў, үлкен ҳәм мектепке таярлаў топары балаларында билим алыў, коммуникативлик ҳәм дөретиўшилик компетенцияларды қәлиплестириўге айрықша итибар қаратылады.
Мәмлекетлик билимлендириў бағдарламасы тийкарында ислеп шығылған электрон ресурслар, аудиовизуал өнимлер ҳәм оқыў-методикалық контентлер мектепке шекемги билимлендириўди басқарыў мәлимлеме системасында еркин ҳәм бийпул пайдаланыў ушын жайластырылады. Бул мәлимлеме системасында ата-аналардың жеке кабинети арқалы перзентлериниң раўажланыў картасына байланыслы мағлыўматлар менен танысып барыў имканияты жаратылады.
Баланың бақша дәўиринен кейинги жетилисиў басқышында мектеп билимлендириўи шешиўши әҳмийетке ийе. Сол себепли, мектеп билимлендириўи системасында да реформалар жеделлик пенен өтпекте. Кейинги жыллары мектеп билимлендириўи ушын қаржы бир неше есеге арттырылды. Жаңа мектеплер қурылып, заманагөй әсбап-үскенелер менен үскенеленбекте. Билимлендириў бағдарламалары ең алдынғы мәмлекетлердиң тәжирийбесине бейимлестирилмекте, сабақлықлар жаңаланбақта, мектеплерге заманагөй үскенелер алып берилмекте.
Быйыл мине усындай заманагөй мектеплерде жаңаша шараятларда билим алған 451 мыңнан аслам питкериўши ғәрезсиз турмысқа қәдем қойды. Бул нәўқыран әўлад жаңа Өзбекстанды қурыўда үлкен дөретиўши күш сыпатында қатнасыўы ушын барлық шараят жаратылмақта.
Соның ишинде, жаслар заманагөй илим ҳәм кәсип-өнерлер, ана тили менен бирге шет тиллер, IT ҳәм инновациялық технологиялар, дөретиўшилик ҳәм исбилерменлик тараўларын пуқта ийелеўи ушын ҳәзир 200 ден аслам жоқары оқыў орны, 598 техникум, көплеген моноорайлар ҳәм технопарклер, китапханалар, мәденият, көркем өнер ҳәм спорт мәкемелери нәтийжели жумыс алып бармақта.
Билимлендириўдиң барлық буўынында оқыў-тәрбия жумысларының сапасын ҳәм нәтийжелилигин арттырыў, питкериўшилердиң таңлаў имканиятын кеңейтиў ушын жаңа система ҳәм бағдарламалар, электрон платформалар иске қосылмақта. Бул имканиятлардан үнемли пайдаланып атырған жаслардың түрли тараўларда ерисип атырған жетискенликлери де жаман емес.
Шаңарақ - кәмаллик қорғаны
Шаңарақ - өмирдиң даўамлылығын ҳәм әўладлардың үзликсизлигин тәмийинлейтуғын теберик қорған. Ҳәр бир халық, миллеттиң келешеги әйне шаңарақ пенен тығыз байланыслы. Себеби инсан шаңарақта туўылады ҳәм кәмалға келеди. Жаңа редакциядағы Конституциямызда да шаңарақ институты мәмлекет қорғаўында екени, оның раўажланыўы ушын зәрүр социаллық-экономикалық шараят жаратылыўы, сондай-ақ, аналық ҳәм балалықтың социаллық қорғалыўы айрықша белгилеп қойылған. Бул бағдарда әҳмийетли илажлар көрилмекте.
Шаңараққа ғамхорлық етиў сиясаты нәтийжесинде 2021-жылдан баслап турақ жай шараятын жақсылаўға мүтәж 2790 анаға арзан турақ жай ушын 49,7 миллиард сум басланғыш төлем пулы төлеп берилди. Бул бағдардағы жумыслар избе-из даўам еттирилип, жас шаңарақларды қоллап-қуўатлаў ушын 2044 көп қабатлы турақ жай қурылып, 100 мыңнан аслам квартира пайдаланыўға тапсырылды. "Жаңа Өзбекстан" массивлеринде 126 турақ жай шаңарақларға берилди.
Сапалы билим алыў шараятын жақсылаў мақсетинде 608 улыўма билим бериў мектеби ҳәм 182 мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде қурылыс-оңлаў жумыслары орынланды. Соның ишинде, 24 жаңа мектеп қурылды.
"Басламалы бюджет" системасы арқалы 4700 мәҳәлледеги қурылыс ҳәм абаданластырыў жумысларына 5,5 триллион сум қаратылды.
Бүгин елимиздеги басланғыш медициналық-санитариялық мәкемелерде "Ҳаял-қызлар мәсләҳәтханалары," район (қала) лық көп тармақлы орайлық поликлиникаларда пренатал скрининг ҳәм онкологиялық кеселликлерди ерте анықлаўға қәнигелескен ханалар жумыс алып бармақта. 209 район (қала) лық көп тармақлы орайлық поликлиникасында балаларға басланғыш медициналық жәрдем көрсетиў мақсетинде балалар бөлимлери шөлкемлестирилди. 46 районлараралық перинатал орайының ҳәр биринде 6 дан жәми 276 нәрестелер реанимация емлеў орны бар.
Медициналық жәрдемге мүтәж 6415 ҳаял-қызға хирургиялық операция өткериў ушын 86,1 миллиард сум ажыратылды.
Әлбетте, бундай имканият аналықты ҳәм балалықты медициналық-социаллық қорғаў, адамлардың денсаўлығын сақлаў, турмыс шараятын жақсылаў имканиятын бермекте. Себеби, шаңарақ беккем болса, жәмийет турақлы болады. Шаңарақта тынышлық-татыўлық орталығы ҳүким сүрсе, шаңарақлардан балалардың тек ғана бахытлы ҳәм кеўилли күлкиси еситиледи.
Иллетлер қәдириятларымызға көлеңке салмасын
Балажан халықпыз, балалардан ҳеш нәрсени аямаймыз. Ҳәр бир ата-апа, ата-ана ақлығым, перзентим өзимнен де жақсы жасасын, ҳасла кем болмасын, бәрқулла руўхы бәлент, қәдди тик болсын, дейди. Усы мақсет жолында мийнет етиў, умтылыўдан ҳасла шаршамайды.
Бирақ, бул бийбаҳа қәдириятларымызға көлеңке салатуғын иллетлер де жоқ емес. Балалардың үлкенлер, әсиресе, өз жақынларының қәўпи ҳәм зорлығына ушырап атырғаны, айырым шаңарақларда ул-қызлардың билим алыўы, саламат ҳәм бәркамал болып камалға келиўи ушын толық шараят жаратылмай атырғаны, ерте неке, туўысқанлардың некеси сыяқлы унамсыз факторлар ертеңимиз ийелериниң тәғдирине айрықша көлеңке салмақта. Қалаберсе, айырым шаңарақлардағы тартыслы орталық балалардың руўхый дүньясында аўыр из қалдырмақта. Бундай иллетлерге қарсы бүгин гүресиў болмаса, ертең кеш болыўы мүмкин.
Және бир машқала балаларды заманагөй мәлимлеме мәканында жүз берип атырған унамсыз тәсир ҳәм ҳәр қыйлы ҳүжимлерден қорғаў менен байланыслы. Бул мәселелерди ақылға уғрас шешиў, балаларды ҳәр тәреплеме қорғаў, ҳуқықын тәмийинлеў мәмлекетимиздеги реформалардың баслы мақсети болып есапланады.
Бүгин бала ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаў жолында нызамшылықты түп-тийкарынан жетилистириў процеси турақлы даўам етпекте. Соның ишинде, тек ғана 2024-жылы бала мәплерин тәмийинлеўге байланыслы 3 нызам, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 4 пәрманы ҳәм 8 қарары, Министрлер Кабинетиниң 10 қарары қабыл етилди. Өз гезегинде, бул нызамшылық ҳүжжетлери тийкарында балаларды зорлықтың барлық түринен қорғаўдың бирден-бир механизми енгизилди. Балаларды социаллық қорғаў системасы түпкиликли реформаланды. Балалар мәселелери бойынша миллий комиссия ҳәм аймақлық комиссиялар жумысының ўазыйпалары жаңадан белгиленди.
Бул реформалардың әҳмийетли логикалық даўамы сыпатында Балалар омбудсманы институтының ҳуқықый тийкарлары жетилистирилди. Атап айтқанда, 2024-жыл 29-февральда "Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Бала ҳуқықлары бойынша ўәкили (Балалар омбудсманы) ҳаққында"ғы нызам қабыл етилди. Усы нызамға муўапық, бала ҳуқықларын қорғаў арнаўлы миллий институты сыпатында Балалар омбудсманы мәмлекетлик уйымлар, соның ишинде, ҳуқық қорғаў уйымлары ҳәм лаўазымлы шахслар тәрепинен бала ҳуқықлары ҳаққындағы нызамшылыққа әмел етилиўи үстинен парламентлик қадағалаўды әмелге асырады.
Бала ҳуқықларының тәмийинлениў дәрежесин үйрениўдиң тийкарғы формаларынан бири пуқаралардың мүрәжатларын көрип шығыў болып табылады. Балалар омбудсманының мағлыўматына бола, бул бағдарда 2024-жылы Балалар омбудсманына 1064 мүрәжат келип түскен. 2023-жылға салыстырғанда мүрәжатлар саны 2,4 есеге артқан. Бул болса, өз гезегинде, жәмийетимизде бала ҳуқықлары бойынша хабардар болыў менен бирге бала мәпин қорғаў тараўына пуқаралардың исеними артып атырғанынан дәрек береди.
Мүрәжатларды көрип шығыў нәтийжесине бола, бала ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплериниң бузылыўына жол қойылғаны бойынша мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерге 13 ҳүжжет, яғный ескертиў, жуўмақ ҳәм суд ҳүжжети үстинен протест келтириў ҳаққында өтиниш хатлары киргизилген. Өз гезегинде, балаларға исленген зорлық жағдайлары бойынша 14 жынаят иси, 18 ҳәкимшилик ис қозғатылған.
"Инсан" социаллық хызметлер орайлары тәрепинен 87 жағдай бойынша балалардың социаллық-психологиялық жағдайы баҳаланып, олардың шаңарақлық орталыққа болған ҳуқықын тәмийинлеў илажлары көрилди. Сырт елде ата-анасының қарамағынан айырылған 52 бала елимизге қайтарылды.
Сондай-ақ, Балалар омбудсманы тәрепинен баланың нызамлы мәплериниң бузылыўына байланыслы жағдайларды анықлаў ҳәм үйрениў мақсетинде интернет, соның ишинде, социаллық тармақларда турақлы мониторинг өткерилмекте. Мониторинг даўамында анықланған бала ҳуқықларының бузылыўына байланыслы 83 жағдай жуўапкер мәмлекетлик уйымлар менен биргеликте тексерилди. Балаларға исленген зорлық жағдайлары бойынша 15 жынаят иси ҳәм 9 ҳәкимшилик ис қозғатылған.
Буннан тысқары, пуқаралардың мүрәжатлары ҳәм балаға қарсы жынаятларға байланыслы суд хабарламалары тийкарында Бала ҳуқықлары бойынша ўәкил ҳәм секретариаты хызметкерлери 46 пуқаралық, жынаят ҳәм ҳәкимшилик ис бойынша судларда бақлаўшы сыпатында қатнасты.
Елимизде балалардың ҳуқықлары менен мәплерин қорғаў жолындағы бундай ийгиликли жумыслар өз нәтийжесин берип атырғаны, бул тәреплер халықаралық көлемде де тән алынып атырғаны қуўанышлы. Бул тараўдағы жумыслар жылдан-жылға жетилистирилип атырғаны перзентлеримиздиң бахытлы турмысы ҳәм абадан келешегин тәмийинлеўде нәтийже беретуғыны сөзсиз.
Баҳор ХИДИРОВА,
"Янги Ўзбекистон" хабаршысы