Штат қысқарғанда кимлер үстинликке ийе болады?

    Хызметкер штат қысқарыўы ямаса маманлығы жетерли болмағаны ушын жумыстан босатылып атырғанда, жумыс бериўши хызметкерге оның қәнигелиги ҳәм маманлығына муўапық басқа жумысқа өткериўди, бундай жумыс болмаған жағдайда болса жумыс бериўшиде бар болған ҳәр қандай басқа жумысты усыныўы шәрт.

    Мәмлекетлик уйым ямаса шөлкемде штат қысқарыўы нәтийжесинде хызметкерлер жумыстан босатылғанда маманлығы ҳәм мийнет өнимдарлығы жоқарырақ хызметкерлер жумыста қалдырылады.

    Маманлығы ҳәм мийнет өнимдарлығы бирдей болғанда болса Мийнет кодексиниң 167-статьясына тийкар төмендеги хызметкерлерге үстемликлер бериледи:

    - қарамағында еки ямаса оннан артық адам болған хызметкерлерге;

    - шаңарағында еркин мийнет ҳақы алыўшы басқа хызметкерлер болмаған шахсларға;

    - усы жумыс бериўшиде узақ мүддетли жумыс стажына ийе болған хызметкерлерге;

    - өндиристен ажыралмаған ҳалда жоқары ҳәм орта арнаўлы, профессионал билимлендириў шөлкемлеринде мийнет шәртнамасы бойынша тийисли қәнигелик бойынша өз маманлығын арттырып атырған хызметкерлерге ҳәм де өндиристен ажыралған ҳалда жоқары ҳәм орта арнаўлы, профессионал билимлендириў шөлкемлерин тамамлаған шахсларға оқыўды тамамлағаннан кейин қәнигелиги бойынша ислеў шәрти менен үш жыл даўамында;

    - усы шөлкемде мийнетте майып болған ямаса кәсиплик кеселликке ушыраған шахсларға;

    - майыплығы болған шахсларға;

    - 1941-1945-жыллардағы урыс қатнасыўшыларына ҳәм жеңилликлер бойынша оларға теңлестирилген шахсларға;

    - мийнеттеги жетискенликлери ушын хошаметлеўлерге ийе болған ҳәм интизамий жазаларға ийе болмаған хызметкерлерге;

    - атом объектлериндеги авариялар ақыбетинде зыян көрген шахсларға.

    Сондай-ақ, хызметкер усыныс етилген жумысты бийкар етсе, жумыс бериўшиде басқа жумыс болмаса, соннан кейин ғана хызметкер жумыстан босатылады.