баннер
14 Mar 2025
03:03

    Енди мийнет шәртнамалары электрон тәртипте дүзиледи

    Министрлер Кабинетиниң 2024-жыл 27-декабрьдеги 891-санлы қарарына муўапық, жумыс бериўши ҳәм хызметкер арасындағы мийнет шәртнамалары "Бирден-бир миллий мийнет системасы" уйымлараралық программалық-аппарат комплекси («YMMT” IDAK) арқалы электрон тәртипте дүзиледи.

    Атап өтилиўинше, мийнет шәртнамалары жумыс бериўши тәрепинен қәлиплестириледи ҳәм тәреплер арасындағы келисимге бола электрон санлы қолтаңба (ERI) жәрдеминде қол қойылады.

    Қол қойылған электрон мийнет шәртнамасын хызметкер өзиниң Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталындағы (my.gov.uz) жеке кабинети арқалы жүклеп алыўы мүмкин.

    Мийнет шәртнамаларының электрон рәсмийлестирилиўи нәтийжесинде:

    - жумыс бериўшилерге қолайлық жаратылады;

    - процесс әпиўайыласады ҳәм рәсмий емес бәнтлик азайтылады;

    - мийнет шәртнамаларының нызамлылығын қадағалаў имканияты болады ҳәм хызметкерлердиң мийнет ҳуқықлары бузылыўының алдын алынады.

    Телеграм каналымыз
    Text to speech