Усы жылдың 1-сентябрьинен ҳәр бир қурылып атырған объекттиң QR-кодлы паспорты болады

    16 сәуір 2025 727

    Бул арқалы қала қурылысы субъектлери, қурылыс мүддетлери, қала қурылысы ҳүжжетлери ҳәм тастыйықланған экспертиза жуўмақлары ҳаққындағы мағлыўматларды алыў имканияты жаратылады.

    Өзбекстан Республикасы Президентиниң "Қурылыс ҳәм турақ жай коммуналлық хожалығы тараўында мәмлекетлик қадағалаўды нәтийжели шөлкемлестириў илажлары ҳаққында"ғы пәрманына бола, 2025-жыл 1-сентябрьден ҳәр бир қурылып атырған объекттиң QR-кодлы паспорты енгизиледи.

    Бул арқалы қала қурылысы субъектлери, қурылыс мүддетлери, қала қурылысы ҳүжжетлери ҳәм тастыйықланған экспертиза жуўмақлары ҳаққындағы мағлыўматларды алыў имканияты жаратылады.

    Сондай-ақ, көп квартиралы турақ жайлардағы орынларды, сондай-ақ, жер төлелерди қайта қурыў ҳәм қайта режелестириўде қала қурылысы нормаларын бузған ҳалда көп квартиралы турақ жайдың конструктив бөлеклери ҳәм таяныш дийўалларына өзгерис киргизиў, бузыў ҳәм имараттың жер силкиниўге шыдамлылығына унамсыз тәсир ететуғын ислерди әмелге асырыў қадаған етиледи.

    2025-жыл 1-июльден:

    барлық ишимлик суўы тәмийнаты ҳәм ақаба суўларды шығарып таслаў системасы объектлери мәжбүрий түрде шәртнама тийкарында технологиялық аудиттен өткериледи;

    басқышпа-басқыш аймақлық инспекцияларда Қурылыс объектлерин онлайн бақлаў орайы шөлкемлестириледи;

    тәжирийбе-сынақ тәризинде 2025-жылы Қашқадәрья ўәлаятындағы Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан жаңадан қурылатуғын объектлерге видеокамералар орнатылады;

    қурылыс ҳәм турақ жай коммуналлық хожалығы тараўында мәмлекетлик қадағалаўды әмелге асырыўда мобил видеокамералар (бодикамера) ҳәм арнаўлы планшетлерден пайдаланылады.


    No date selected
    June 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates