Транспорт министрлигиниң мәлим етиўинше, жөнелистиң иске қосылыўы жолаўшыларға қосымша қолайлықлар жаратыў ҳәм мәмлекетимиз аймақлары арасында транспорт қатнаўын және де раўажландырыўға хызмет етеди.
Ҳәрекет ўақты:
"Ташкент-Шаҳрисабз" жөнелиси бойынша: Ташкенттен саат 06:33 те жөнеп кетиў;
"Шаҳрисабз-Ташкент" жөнелиси бойынша: Шаҳрисабздан саат 16:24те жөнеп кетиў;
Билетлерди темир жол кассаларынан, сондай-ақ, онлайн платформалар арқалы сатып алыў мүмкин.