Бул ҳаққында министрдиң өзи Телеграм-каналы арқалы хабар бермекте.
"Оның бул лаўазымға тайынланыўы мәмлекетлер арасындағы көп қырлы еки тәреплеме қатнасықларды кеңейтиў жолында хызмет ететуғынына исенемиз.
Сөзсиз, бирге ислесиўимизди буннан былай да раўажландырыў ушын үлкен имканиятлар бар. Еки тәреплеме қатнасықлардың 2025-жылғы күн тәртиби бай ҳәм оғада перспективалы. Түрли тараўларда байланысларымызды беккемлеў бизиң тийкарғы ўазыйпамыз болып есапланады", - делинеди хабарда.