Өзбекстан делегациясы Италияның Милан ҳәм Кортина-д‘Ампецо қалаларында болып өтетуғын XIV қысқы Паралимпия ойынларына 2 жолламаны қолға киргизди.

Пара таў лыжасы бойынша Өзбекстан миллий сайланды командасы ағзалары - Юлдуз Маҳмудова ҳәм Фирдавс Худоятов Паралимпия ойынлары жолламаларына еристи.

Спортшыларымыз төрт жыллықтың ең әҳмийетли қысқы стартында гигант-слалом бағдарламасында елимиздиң абырайын қорғайды.

Мағлыўмат ушын, XIV қысқы Паралимпия ойынлары 2026-жыл 6-15-март күнлери Италияның Милан ҳәм Кортина-д‘Ампецо қалаларында болып өтеди, деп хабар береди Миллий Паралимпия комитетиниң баспасөз хызмети.