Сапар Орайлық ҳәм Қубла Азия улыўмалық экономикалық мәплер, тарийхый ҳәм цивилизациялық тамырлар менен байланысқан бир-бирин толықтыратуғын регионлар сыпатында барған сайын көбирек қабыл етилип атырған регионаллық өз-ара байланыслылықтың жаңа архитектурасының қәлиплесиўи фонында өтпекте.

Пакистан Өзбекстан ғәрезсизлигин бириншилерден болып тән алды. Бул 1991-жыл 20-декабрьде жүз берди. 1992-жыл 10-майда дипломатиялық қатнасықлардың орнатылыўы еки тәреплеме бирге ислесиўдиң институционаллық тийкарын жаратты. Бирақ сиясий сөйлесиў системалы ҳәм стратегиялық түрге енген соңғы жылларда қатнасықлардың раўажланыўында сапа жағынан жаңа басқыш басланды.

2021-жыл июль айында Стратегиялық шериклик орнатыў ҳаққындағы биргеликтеги декларацияға қол қойылыўы әҳмийетли ўақыя болды, ол тәреплердиң кең көлемли бағдарларда бирге ислесиўди тереңлестириўден еки тәреп те мәпдар екенин беккемледи.

2022-жыл март айында Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Пакистанға сапар етиўи Ташкент ҳәм Исламободтың регионаллық раўажланыў, Аўғанстандағы жағдайды турақластырыў, Орайлық ҳәм Қубла Азия арасындағы экономикалық байланысларды кеңейтиў мәселелерине байланыслы стратегиялық көзқарасларының сәйкеслигин тастыйықлады.

Еки мәмлекет жетекшилериниң көп тәреплеме форумлар шеңбериндеги турақлы сөйлесиўлери айрықша әҳмийетке ийе болды. 2022-жыл сентябрь айында ШБШның Самарқанд саммити, Азияда бирге ислесиў ҳәм исеним илажлары бойынша кеңес, Экономикалық бирге ислесиў шөлкеми шеңбериндеги ушырасыўлар, климат ҳәм экономика бойынша глобал саммитлер исенимли ҳәм прагматикалық сөйлесиўди қәлиплестириўге хызмет етти.

Пакистан Бас министри Шаҳбоз Шарифтиң 2025-жыл февраль айында Өзбекстанға рәсмий сапары айрықша әҳмийетке ийе болды. Оның жуўмағында Биргеликтеги декларация ҳәм Жоқары дәрежедеги Стратегиялық шериклик кеңесин шөлкемлестириў ҳаққындағы протоколға қол қойылды. Бул механизмниң жаратылыўы Өзбекстан - Пакистан қатнасықларына турақлы институционаллық тийкар жаратып, еки тәреплеме басламаларды системалы муўапықластырыў ҳәм ерисилген келисимлердиң орынланыўын қадағалаў имканиятларын ашты.

Жоқары дәрежедеги, бәринен бурын, сыртқы ислер министрликлери арасындағы сиясий сөйлесиў Өзбекстан - Пакистан қатнасықларының архитектурасында айрықша орын ийелейди. Сыртқы ислер министрликлери арасындағы турақлы сиясий мәсләҳәтлесиўлер тәреплердиң регионаллық ҳәм халықаралық әҳмийетке ийе тийкарғы мәселелер, соның ишинде, қәўипсизлик, турақлы раўажланыў ҳәм көп тәреплеме институтларды реформалаў бойынша көзқарасларын сәйкеслендириў имканиятын бермекте.

Өзбекстан ҳәм Пакистан сыртқы ислер министрлери еки тәреплеме форматта да, халықаралық шөлкемлер - БМШ, Шанхай бирге ислесиў шөлкеми, Экономикалық бирге ислесиў шөлкеми ҳәм Ислам бирге ислесиў шөлкеми шеңберинде де жедел сөйлесиў алып бармақта. Өз-ара сапар етиўлер ҳәм ушырасыўлар жоқары дәрежеде ерисилген келисимлерди әмелге асырыўға, сондай-ақ, регионаллық турақлылық мәселелери бойынша улыўма позицияны қәлиплестириўге хызмет етпекте.

2025-жыл июнь айында сиясий, саўда-экономикалық ҳәм гуманитарлық бирге ислесиўди раўажландырыў бойынша анық илажларды нәзерде тутатуғын еки тәреплеме Ҳәрекетлер режесине қол қойылды. Бул ҳүжжет сиясий декларациялардан биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыўға өтиў қуралына айланды.

Улыўма етип айтқанда, уйымлараралық бирге ислесиў финанслық-экономикалық бирге ислесиўден баслап Аўғанстан бойынша арнаўлы ўәкиллердиң ҳәрекетлерин муўапықластырыўға шекемги кең көлемли бағдарларды қамтып алады. Бул еки тәреплеме қатнасықларды ҳақыйқый комплексли ҳәм көп қырлы деп қараў имканиятын береди.

Өзбекстан ҳәм Пакистан халықаралық ҳәм регионаллық шөлкемлер шеңберинде жедел бирге ислесип, көп полюслилик, суверенитетти ҳүрмет етиў ҳәм мәмлекетлердиң ишки ислерине араласпаў принциплерин алға қоймақта. ШБШ ҳәм ЭБШ шеңбериндеги бирге ислесиўге регионаллық турақлылық ҳәм экономикалық интеграцияны беккемлеўдиң әҳмийетли элементи сыпатында қаралмақта. Тәреплер турақлы раўажланыў, климат күн тәртиби, азық-аўқат қәўипсизлиги ҳәм тынышлық мәселелери бойынша көзқарасларының жақынлығын көрсетпекте. Аўғанстан машқаласына айрықша итибар қаратылмақта, бул жерде Ташкент ҳәм Исламабад Аўғанстанды сиясий-дипломатиялық жол менен шешиў ҳәм регионаллық экономикалық процесслерге интеграциялаў тәрепдары болып келмекте.

Парламентлераралық байланыслардың раўажланып атырғаны айрықша итибарға ылайық. Парламент делегациялары арасындағы турақлы байланыслар, дослық топарларының жумысы ҳәм нызам дөретиўшилиги тараўында тәжирийбе алмасыў ҳуқықый системаларды жақынластырыўға, экономикалық ҳәм инвестициялық шерикликти кеңейтиў ушын қолайлы нормативлик базаны жаратыўға хызмет етпекте.

2025-жыл апрель айында Пакистан парламенти Сенатының баслығы Юсуф Ризо Гилоний басшылығындағы делегация Өзбекстанға келди ҳәм Парламентлераралық аўқамның 150-юбилей ассамблеясында қатнасты. Пакистан делегациясы мәмлекетимиз басшысы тәрепинен де қабыл етилди.

Сол жылдың сентябрь айында Нызамшылық палатасының спикери Нуриддинжон Исмоилов басшылығындағы Өзбекстан парламент делегациясы Пакистанға барып, усы мәмлекеттиң парламенти ҳәм министрликлери менен уйымларында нәтийжели сөйлесиўлер өткерди.

Өзбекстан-Пакистан қатнасықларының экономикалық көлеми турақлы унамлы өсиўди көрсетпекте. Тәреплер еки тәреплеме товар алмасыўды 2 миллиард долларға жеткериў бойынша анық мақсетлерди белгилеп алды. 2025-жылдың жуўмағы бойынша өз-ара товар алмасыў көлеми 445,8 миллион АҚШ долларына жетти, бул еки мәмлекет исбилермен топарлары арасында исеним барған сайын артып атырғанынан дәрек береди.

Саўда структурасы экономикалардың бир-бирин толықтырыўшылығын сәўлелендиреди. Өзбекстан аўыл хожалығы өнимлери, пахта ийирилген жип, химия товарлары ҳәм транспорт хызметлерин экспорт етсе, Пакистан фармацевтика, тоқымашылық, азық-аўқат ҳәм жеңил санаат өнимлерин жеткерип береди. Соның менен бирге, тәреплер саўдаға тек ғана терең санаат ҳәм инвестициялық кооперацияның басланғыш ноқаты сыпатында қарамақта.

Бул бағдарда фармацевтика, тоқымашылық ҳәм былғары санааты тийкарғы бағдарлар болып есапланады. Қоспа кәрханалар шөлкемлестириў ҳәм өндиристи локализациялаўға қосымша қунды арттырыў ҳәм үшинши мәмлекетлер базарларына шығыўдың нәтийжели механизми сыпатында қаралмақта.

Транспорт-логистика бирге ислесиўин раўажландырыў стратегиялық әҳмийетке ийе. Өзбекстан Пакистанның Карачи ҳәм Гвадар портларына шығыўға айрықша итибар қаратпақта, бул болса сыртқы саўда жолларын диверсификациялаў ушын жаңа имканиятлар ашпақта.

Өзбекстан - Аўғанстан - Пакистан үш тәреплеме форматында әмелге асырылып атырған Трансаўған темир жолы бирге ислесиўдиң әҳмиетли жойбары болып есапланады. 2025-жыл июль айында Шеңбер келисимине қол қойылыўы тасыўлардың мүддети ҳәм баҳасын кескин қысқартыў, сондай-ақ, Орайлық ҳәм Қубла Азияның экономикалық өз-ара байланыслылығын беккемлеўге хызмет ететуғын жойбарды әмелге асырыў жолында әҳмийетли қәдем болды.

Соның менен бирге, туризм Өзбекстан-Пакистан бирге ислесиўиниң ең жедел раўажланып атырған бағдарларынан бирине айланбақта. 2024-2025-жылларда өз-ара туристлер ағымының турақлы өсиўи бақланды, оған виза тәртибиниң либералластырылыўы, тиккелей авиақатнаўлардың тиклениўи ҳәм туризм потенциалының жедел үгит-нәсиятланыўы хызмет етти.

Мәселен, 2025-жыл февраль айында еки мәмлекет арасында ҳәптесине 1 авиарейс қатнаўы әмелге асырылған болса, ҳәзирги күнде Ташкент, Исламабад ҳәм Лахор қалалары арасында ҳәптесине 4 авиарейс қатнаўы жолға қойылған. Соның менен бирге, мәмлекетимиздиң зыярат туризми тараўындағы үлкен потенциалы нәтийжесинде Өзбекстанға келген пакистанлы туристлердиң саны 2024-жылдың ақырында 5,4 мыңды қураған болса, 2025-жылы 3,3 есеге өсип, 18 мыңнан асты. Бул бағдарда туризм де экономикаға мультипликатив тәсир көрсететуғын экономикалық бирге ислесиўдиң перспективалы бағдарларынан бирине айланбақта.

Мәдений-ағартыўшылық ҳәм зыярат туризми, сондай-ақ, Қубла Азия базарларына қаратылған биргеликтеги туристлик маршрутларды ислеп шығыў перспективалы бағдарлар болып қалмақта.

Өзбекстан ҳәм Пакистан арасындағы мәдений-гуманитарлық байланыслар Бабурийлер дәўириндеги дәстүрий байланыслар менен байланыслы терең тарийхый тамырларға сүйенеди. Улыўма тарийхый-мәдений мийрас халықларды жақынластырыў ҳәм өз-ара исенимди беккемлеўде әҳмийетли фактор болып хызмет етпекте.

Өзбекстанның бүгинги раўажланыўы ҳәм онда жүз берип атырған трансформациялық процесслер Пакистанның экспертлер жәмийети ҳәм жәмийетшилик топарларында турақлы қызығыўшылық оятып атырғанын атап өтиў зәрүр. Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар сиясаты пакистанлы аналитиклер тәрепинен институционал өзгерислер, экономиканы либералластырыў ҳәм жедел сыртқы сиясатты өзинде жәмлеген әҳмийетли ҳәм көп тәреплеме бийбаҳа модернизация тәжирийбеси сыпатында баҳаланбақта. Пакистанлы журналист ҳәм жазыўшы Муҳаммад Аббос Ханның "Өзбекстан: үшинши ренессанс - келешек концепциясы" китабы бул қызығыўшылықтың айқын дәлили болды. 2025-жылдың октябрь айында Өзбекстанның Исламабадтағы елшиханасы тәрепинен «Daily Ittehad» медиа-холдинги менен биргеликте урду тилинде жазылған бул әдебий-публицистикалық китаптың презентациясы өткерилди. Бул тосыннан емес. Кейинги жылларда еки мәмлекеттиң аналитикалық орайлары арасындағы бирге ислесиў жедел раўажланбақта. Бул бирге ислесиў регионаллық процесслерге биргеликтеги қатнасларды ислеп шығыў ҳәм еки тәреплеме бирге ислесиўге байланыслы узақ мүддетли көзқарасты қәлиплестириўге хызмет етеди.

Пакистан мәденият ҳәм көркем өнер тараўының ўәкиллери дәстүрий түрде Өзбекстанда өткерилетуғын ири халықаралық мәдений илажларда белсене қатнасып келмекте. Өз гезегинде, Пакистанда мәмлекетимиздиң тарийхый-мәдений мийрасы, туризм потенциалы ҳәм заманагөй раўажланыўына бағышланған фестиваллар, презентациялар, көргизбелер барған сайын көбирек өткерилмекте.

Бундай кең көлемли мәдений, туризм ҳәм мәлимлеме жойбарларының әмелге асырылғаны, тиккелей турақлы авиақатнаўлардың жолға қойылғаны ҳәм бизнес-форумлардың өткерилип атырғаны мәдений-гуманитарлық алмасыўлардың есесине артыўына алып келди.

Соның ушын Президент Шавкат Мирзиёевтиң Пакистанға болажақ сапары стратегиялық шерикликти раўажландырыў, экономикалық ҳәм транспорт-логистика бирге ислесиўин кеңейтиў, гуманитарлық байланысларды беккемлеўге жаңа пәт бағышлаўға қаратылған. Әлбетте, бул Орайлық ҳәм Қубла Азияның турақлы өз-ара байланыслылығын қәлиплестириўден, регионаллық ҳәм глобаллық процесслердиң жуўапкер қатнасыўшылары сыпатында еки мәмлекеттиң ролин беккемлеўден тәреплер мәпдар екенин тастыйықлайды.

"Дунё" МА.