Пәрманды қабыл етиўдиң тийкарғы мақсетлери етип төмендегилер белгиленди:
"Өзбекстан - 2030" стратегиясы шеңберинде ерисилген жетискенликлер ҳәм бар машқалаларды есапқа алған ҳалда нәтийжелилик көрсеткишлерин белгилеў;
"Өзбекстан - 2030" стратегиясы мақсетлерине ерисиў мониторинги процесслерин толық санластырыў.
Санлы платформада "Өзбекстан - 2030" стратегиясы мақсетлериниң нәтийжелилик көрсеткишлерине ерисиў жағдайы төмендеги категорияларға ажыратылады:
"жасыл" - тийисли нәтийжелилик көрсеткишине өз ўақтында ҳәм толық ерисиў;
"сары" - нәтийжелилик көрсеткишине ерисиўде артта қалыўшылықлар бар, бирақ оларды сапластырыў имканияты бар;
"қызыл" - нәтийжелилик көрсеткишине ерисиўде үлкен артта қалыўшылық ямаса оған улыўма ерисилмеген.
Бунда:
"жасыл" категорияға киргизилген нәтийжелилик көрсеткишлери ушын жуўапкер болған уйымлар хошаметленеди;
"сары" категория көрсеткишлерине ерисиўде артта қалыў себеплери бойынша таллаў өткериледи ҳәм Министрлер Кабинети тәрепинен тийисли уйымға зәрүр илажлар көриў ҳаққында көрсетпе бериледи;
"қызыл" категория көрсеткишлери ушын жуўапкер уйымлардың жумысы Министрлер Кабинети Президиумының мәжилисинде сын көзқарастан көрип шығылыўы зәрүр.