Әҳмийетли тәрепи сонда, Өзбекстанның биринши ракеткасы Ҳумоюн Султонов Австралия ашық чемпионатының таңлап алыў басқышында колумбиялы Даниэль Элахи Галан менен ушырасып, өз қарсыласын 6/3, 6/7(2), 7/5 есабында жеңип шығыўға еристи.

Бул ойын еки теннисши арасындағы екинши беллесиў болып, олардың бириншиси буннан 8 жыл бурын Италияның Леччо қаласында өткерилген ITF турнири шеңберинде өткерилип, онда Султонов 3/6, 7/6, 6/4 есабында жеңиске ерискен еди.

Галан үстинен ерисилген жеңис арқалы Ҳумоюн Султонов 8 упайды қолға киргизди.

Султонов турнирдеги өзиниң екинши ойынын 8-январь күни таңда чехиялы Далибор Сврчинаға қарсы өткереди.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.