Атап өтилгениндей, бүгинги күнде жасалма интеллект экономика, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў ҳәм қәўипсизлик сыяқлы тараўларда тийкарғы ҳәрекетлендириўши күшлерден бирине айланбақта. Бул технологиялар мәмлекетлик басқарыўдың нәтийжелилигин арттырыў, ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм халыққа көрсетилип атырған хызметлердиң сапасын жақсылаў имканиятын береди.

Кейинги жылларда Өзбекстанда да бул бағдарда системалы реформалар әмелге асырылып, жасалма интеллектти енгизиў бойынша сезилерли нәтийжелерге ерисилмекте. Мәмлекетимиз басшысы бул жетискенликлер тараўдағы дәслепки қәдемлердиң нәтийжеси екенин, алдымызда және де үлкен жумыслар турғанын атап өтти.

Усы мүнәсибет пенен Президентимиз жасалма интеллектти раўажландырыў бойынша басламаларды жедел алға қойыў, алдыңғы шешимлерди енгизиўди жеделлестириў, дүнmя трендлеринен артта қалмаў зәрүрлигин атап өтти.

Презентацияларда жасалма интеллекттиң шешимлерин экономика ҳәм социаллық тараўларда қолланыў, табыслы тәжирийбелерди үгит-нәсиятлаў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Бул бағдарды жедел ҳәм турақлы раўажландырыў ушын мәмлекетимиз ҳәм халықаралық тәжирийбени турақлы таллап барыў, жас қәнигелер, халықаралық экспертлер ҳәм жеке меншик сектор менен тығыз бирге ислесиў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Тараўдың раўажланыўында ең әҳмиqетли факторлардан бири - маман кадрлар таярлаў болып есапланады. Бул процессти жеделлестириў мақсетинде елимизде бир қатар инновациялық билимлендириў бағдарламалары әмелге асырылмақта.

Атап айтқанда, "Университет - санаат - халықаралық бирге ислесиў" кластер жойбары таныстырылды. Бул бағдарда оқыўшылардың AI -саўатлылық дәрежесин арттырыў, педагоглардың маманлығын арттырыў, қәнигелестирилген оқыў қолланбаларын ислеп шығыў ҳәм тараў ушын заманагөй қәнигелер таярлаў нәзерде тутылған.

Сондай-ақ, жасларды санлы көнликпелер ҳәм заманагөй кәсип-өнерлерге оқытыўға қаратылған “AI Maktab” билимлендириў платформасы таныстырылды. Оның жәрдеминде қатнасыўшылар онлаған бағдарлар бойынша аралықтан билим алыў имканиятына иqе болады - виртуал жәрдемшилер ислеп шығыўшы ҳәм санлы маркетологтан АI контентмейкер ҳәм бизнес аналитикке шекем.

Президентимиз бундай бағдарламаларды көбейтиў, әҳмиqетли тармақларды раўажландырыўға жаслардың инновациялық потенциалын тартыў зәрүр екенлигин атап өтти.

Буннан тысқары, жасалма интеллект тараўында илимий-оқыў лабораторияларын шөлкемлестириўден күтилип атырған нәтийжелерге итибар қаратылды. Бул бағдарда коммерциялық банклер тәрепинен әмелге асырылып атырған жойбарлар додаланды. Жақын келешекте бундай изертлеў ҳәм әмелий басламаларды елимиздиң жоқары билимлендириў мәкемелеринде кеңнен раўажландырыў зәрүрлиги атап өтилди.

Мәмлекетимиз басшысы қәбилетли жаслардың “PromptLab”, “Detecting-AI.com”, “KotibAI” сыяқлы инновациялық жойбарлары менен де танысты.

Бундай бағдарлама ҳәм қосымшалар киши топарларда да, ири компанияларда да мийнет нәтийжелилигин арттырыў, дәрамат дәреклерин кеңейтиў ҳәм интеллектуаллық жумысты әпиўайыластырыў ушын үлкен имканиятлар жарататуғыны айрықша атап өтилди. Ҳәзирги ўақытта бул жергиликли қолланбалар қаржы мәкемелеринде, қурылыс тараўында, дөретиўшилик жәмәәтлердиң жумысында да қолланылмақта.

Президент Шавкат Мирзиёев усыныс етилген баслама ҳәм жойбарларды мақуллап, жасалма интеллектти енгизиў процесслерин жеделлестириў бойынша усыныс ҳәм тапсырмалар берди.