Атап айтқанда, Санкт-Петербург ҳүкиметиниң ағзасы Евгений Григорьев ҳәм Челябинск ўәлаятының халықаралық ҳәм аймақлараралық байланыслар министри Дмитрий Глухарев пенен сөйлесиўлер өткерилди.
Ушырасыўларда аймақлараралық бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў, сыртқы экономикалық жумысты кеңейтиў, экспорт потенциалын арттырыў, бар имканиятлардан нәтийжели пайдаланған ҳалда биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў мәселелери додаланды.
Тәреплер шериклик байланысларын беккемлеўден өз-ара мәпдар екенин тастыйықлап, исбилермен топарлардың бирге ислесиўин жеделлестириў, биргеликтеги инвестициялық басламаларды баслаў ҳәм саўда айланысының көлемин арттырыўға келисип алды.









