Суў объектинен ўақтынша пайдаланыў мүддети 3 жылдан кем болмаўы ҳәм 49 жылдан аспаўы керек.
Суўдан улыўма пайдаланыўға төмендегилер киреди:
- өзиниң ишимлик ҳәм хожалық-турмыслық мүтәжликлери ушын суў алыў;
- шомылыў;
- шарўа малларын суўғарыў;
- спорт ҳәм ҳәўескерлик жолы менен балық аўлаў.
Суўдан улыўма пайдаланыў рухсатысыз ҳәм шеклеўлерсиз әмелге асырылады.
Суўдан арнаўлы пайдаланыў Кодексте белгиленген жағдайларда рухсатнама тийкарында әмелге асырылады.
Сондай-ақ, суў сервитути төмендеги мақсетлерде белгилениўи мүмкин, соның ишинде:
- суўдан улыўма пайдаланыў;
- пуқаралар ҳәм транспорт қуралларының өтиўи;
- ҳайўанларды суўғарыў ҳәм шарўа малларын айдап өтиў;
- жаға бойы зоналарынан еркин пайдаланыўды ҳәм оннан өтиўди тәмийинлеў.
Суў сервитути улыўма ҳәм жеке суў сервитути формасында болыўы мүмкин.








