Суў объектинен ўақтынша пайдаланыў мүддети 3 жылдан кем болмаўы ҳәм 49 жылдан аспаўы керек.

Суўдан улыўма пайдаланыўға төмендегилер киреди:

  • өзиниң ишимлик ҳәм хожалық-турмыслық мүтәжликлери ушын суў алыў;
  • шомылыў;
  • шарўа малларын суўғарыў;
  • спорт ҳәм ҳәўескерлик жолы менен балық аўлаў.

Суўдан улыўма пайдаланыў рухсатысыз ҳәм шеклеўлерсиз әмелге асырылады.

Суўдан арнаўлы пайдаланыў Кодексте белгиленген жағдайларда рухсатнама тийкарында әмелге асырылады.

Сондай-ақ, суў сервитути төмендеги мақсетлерде белгилениўи мүмкин, соның ишинде:

  • суўдан улыўма пайдаланыў;
  • пуқаралар ҳәм транспорт қуралларының өтиўи;
  • ҳайўанларды суўғарыў ҳәм шарўа малларын айдап өтиў;
  • жаға бойы зоналарынан еркин пайдаланыўды ҳәм оннан өтиўди тәмийинлеў.

Суў сервитути улыўма ҳәм жеке суў сервитути формасында болыўы мүмкин.