1-март сәнесинен баслап елимизде ысытыў мәўсиминде тәбийий газ ушын енгизилген 500 куб метрлик базалық норма 100 куб метрге түсирилиўи белгиленген еди.
Бирақ, март айында ҳаўа температурасының төмен болыўы, ҳәттеки айырым күнлери түнде ҳәм күндиз температура 0°С дәрежеден төменлеп, әдеттегиден суўығырақ келиўи күтилип атырғаны, қалаберди, халыққа қолайлық жаратыў мақсетинде, Мәмлекетимиз басшысының тапсырмасына муўапық, Министрлер Кабинетиниң тийисли қарары менен ысытыў мәўсими ушын белгиленген 500 кубометр базалық норма 2025-жылдың 1-апрельине шекем создырылды.
Бул ҳаққында Энергетика министрлиги хабар берди.