Бир дана туқым топыраққа түседи, жаўын суўынан тойынады, қуяштан нур алады... Ўақыт өтеди, ол тамыр жаяды, өседи, гүллейди ҳәм мийўе береди. Бир қарағанда туқымның раўажланыўы тәбияттағы ең әпиўайы процесси сыяқлы көриниўи мүмкин. Бирақ бүгин халықтың саны артып, азық-аўқатқа талап жыл сайын артып атырған бир ўақытта жерден жоқары зүрәәт алыў мақсетинде түрли химиялық қураллардан пайдаланыў ақыбетинде топырақтың өнимдарлығы төменлеп бармақта. Сонлықтан, ҳәзирги ўақытта аўыл хожалығы тек ғана тәбиятқа емес, ал инсанның мийнети, билими, технологиясы ҳәм қоллап-қуўатлаўына мүтәж тараўға айланды.
Әсиресе, ҳәзир аўыл хожалығы дүнья экономикасының ең әҳмийетли тармақларынан бирине айланып атырған бир ўақытта, оның турақлылығы ҳәм раўажланыўы ҳәр қандай мәмлекеттиң социаллық-экономикалық абаданлығына тиккелей байланыслы. Сол себепли, азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў, фермер ҳәм дийқанлардың жумысын қоллап-қуўатлаў ушын салық сиясатында дурыс ҳәм заман талапларына сай қатнасларды қәлиплестириў әҳмийетли мәселе болып есапланады.
Өзбекстан экономикасында аўыл хожалығы дәстүрий түрде үстин тараўлардан бири. Дийқаншылық ҳәм фермерлик жумысы мәмлекет халқын азық-аўқат пенен тәмийинлеў менен бирге экспорт көлемин арттырыў ҳәм жумыс орынларын ашыўда да үлкен әҳмийетке ийе. Бирақ узақ жыллар бул тараўдағы салық жүги ҳәм ҳәкимшилик тосқынлықлар фермерлердиң экономикалық потенциалын толық жүзеге шығарыўына тосқынлық етип келди. Бул болса көп жағдайларда өнимлерди рәсмий есабатқа киргизбеў, ҳүжжетлестириўден қашыў ҳәм жасырын экономика үлесиниң артыўына себеп болды.
Аўыл хожалығындағы реформалар мәмлекеттиң экономикалық сиясатының орайлық бағдарларынан бирине айланды. Атап айтқанда, соңғы жыллары 160 мың гектарға шамалас жаңа бағ ҳәм жүзим атызлары жаратылды, пахта ҳәм ғәлле майданы қысқартылып, азық-аўқат өнимлерин жетистириў ушын ажыратылды. Баҳасы 1 миллиард долларлық 1500 ден аслам азық-аўқат жойбарының әмелге асырылыўы болса тараўдың кең көлемли модернизациялаў жолында екенлигин көрсетеди.
Салық сиясаты жақынға шекем фермерлердиң рәсмий жумысын шеклеп киятырған еди. Азық-аўқат өнимлерин сатыўда қосымша қун салығының 12 процент екени көплеген киши ҳәм орта фермерлер ушын аўыр жүк болып, оларды нызамсыз саўда ямаса "саядағы экономика"ға жүгиниўге мәжбүрлейтуғын еди.
Мәмлекетимиз басшысы быйыл 4-сентябрь күни аўыл хожалығында қосымша қун шынжырын жаратыў ҳәм оның нәтийжелилигин арттырыўға бағышланған презентация ўақтында бул мәселеге де итибар қаратты.
Кейинги ўақытларда дийқан ҳәм фермерлерге қолайлық жаратыў, олардың жумысын рәсмийлестириў ҳәм жасырын экономикадан шығарыў бойынша бир қатар жумыслар әмелге асырылды. Соның ишинде, Халықаралық валюта қоры және жергиликли ҳәм сырт ел қәнигелериниң қатнасыўында таярланған усынысларға бола, 2026-жыл 1-январьдан баслап фермер ҳәм дийқанлар жетистирген ғәлле және пахтадан тысқары барлық аўыл хожалығы өнимлери ушын қосымша қун салығы ноллик ставкада етип белгиленеди. Бул өзгерис фермерлер ушын тек ғана финанслық жеңиллик емес, ал өнимлерин рәсмийлестириў ҳәм ашық-айдын жумыс алып барыў имканияты да болып есапланады.
Ең әҳмийетлиси, фермерлер өним жетистириў процесиндеги қәрежет - туқым, төгин, жанылғы, транспорт хызмети, электр энергиясы ҳәм басқалар ушын төленген ҚҚСты қайтарып алыў ҳуқықын сақлап қалады. Бул болса олардың қәрежетин азайтыў ҳәм экономикалық имканиятларын кеңейтиўде үлкен әҳмийетке ийе.
Бул система себепли жылына 300 миллиард сум қаржы фермер ҳәм дийқанлардың ықтыярында қалады. Және 400 миллиард сумлық салықты қайтарып алыў имканияты пайда болады. Бул қаржы болса заманагөй агротехнологияларды енгизиў, өнимлерди қайта ислеў, қосымша жумыс орынларын ашыў ҳәм базарда бәсекиге шыдамлы өнимлерди ислеп шығарыўға хызмет етеди.
Жәҳән тәжирийбеси де бундай салық реформаларының унамлы нәтийжесин көрсеткен. Аўыл хожалығы раўажланған мәмлекетлерде ҚҚСтың төменлетилиўи агросекторда экономикалық белсендиликти арттырыў, өнимниң сапасын жақсылаў ҳәм жумыстың ашық-айдынлығын тәмийинлеўде әҳмийетли фактор болған. Мәселен, Европа Аўқамы мәмлекетлеринде фермерлер ушын арнаўлы салық режимлери енгизилген. Олар арқалы мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў күшейтилген. Өзбекстанда да усындай жол менен фермерлердиң экономикалық ҳуқықларын беккемлеў, оларды исенимли финанслық шерик сыпатында қоллап-қуўатлаў бойынша анық қәдемлер қойылмақта.
Бул реформа тек ғана экономикалық емес, ал социаллық әҳмийетке де ийе. Рәсмийлестирилген жумысы фермер ҳәм дийқанлардың социаллық статусын арттырады. Аўылларда турақлы турмыс шараятын тәмийинлейди ҳәм жасырын экономика үлесин азайтады. Бул процесс мәмлекеттиң экономикалық ашық-айдынлығына, халықаралық рейтинглердеги орнына ҳәм инвестициялық тартымлылығына да унамлы тәсир көрсетеди.
Аўыл хожалығында қосымша қун салығын жеңиллестириў фермерлерди қоллап-қуўатлаў менен бирге мәмлекет экономикасын модернизациялаў ҳәм бәсекиге шыдамлылықты арттырыўға қаратылған стратегиялық реформа болып есапланады. Жаңа салық сиясаты арқалы мәмлекет ҳәм фермер арасындағы исеним беккемленеди, агросектордың инвестициялық тартымлылығы артады ҳәм аўыл халқының турмыс дәрежесиниң және де жақсыланыўына тийкар жаратылады. Бул тек ғана өндирис көлемин көбейтиў емес, ал жерден өнимли ҳәм ақылға уғрас пайдаланыў, тараўда илим ҳәм инновацияларды кеңнен қолланыў имканиятын кеңейтеди.
Бул илажлар арқалы киши ҳәм орта фермер хожалықлары да қолайлы шараятқа ийе болады. Себеби алдын тек ғана ири агроқурылмалар жумысын рәсмийлестирип, ҚҚСтан пайдаланыў имканиятына ийе еди. Енди салықтан азат етиў системасы барлық фермер ҳәм дийқанларға тең ҳәм әдалатлы шараят жаратады. Бул болса мәмлекетте киши агробизнести қоллап-қуўатлаў, шаңарақлық дийқан хожалықларын раўажландырыў, жергиликли базарда сапалы ҳәм арзан өнимлер көбейиўине алып келеди.
Соның менен бирге, рәсмийлестирилген өним айланысының артыўы салық түсимлериниң де артыўына хызмет етеди. Яғный мәмлекет салық жүгин кемейткен ҳалда улыўма экономикалық айланысты арттырады. Бул арқалы экономикалық турақлылық тәмийинленеди.
Агросанаат комплексиниң раўажланыўы себепли аўыллық аймақларда жаңа санаатласқан жойбарлар, қайта ислеў цехлары, логистика орайлары, экспортқа бағдарланған кәрханалар пайда болады. Бул болса жумыс орынларын ашыў, халықтың дәраматын арттырыў, ишки базарды толтырыў ҳәм сыртқы базарға сапалы өним жеткерип бериў сыяқлы бир қатар әҳмийетли ўазыйпаларды шешиўге де хызмет етеди.
Соның менен бирге, аўыл хожалығында ашық-айдынлықтың артыўы менен халықтың мәмлекетлик сиясатқа исеними, фермерликке қызығыўшылығы ҳәм жерден ақылға уғрас пайдаланыў мәденияты да қәлиплесип барады. Бурын салықтан қашыў ушын өнимниң белгили бир бөлеги "қара базар"ға қарай ҳәрекет еткен болса, енди фермерлер ушын рәсмий жумыс нәтийжели ҳәм пайдалы екени дәлилленбекте.
Бул процессте фермерлердиң билими, потенциалы ҳәм басламасына талап артып барады. Мәмлекет жеңилликлер жаратып атырған болса, фермер де өз жумысына жоқары жуўапкершилик пенен қатнас жасаўы керек. Бул болса пүткил агросекторда билимли, интакер ҳәм бәсекиге шыдамлы әўладты қәлиплестиреди.
Аўыл хожалығында ҚҚСты ноллик ставкада белгилеў реформасы тек ғана салық жеңиллиги емес, ал комплексли қатнас. Ол тараў ўәкиллерине исеним, олардың мийнетине мүнәсип итибар, экономикалық белсендиликке кең жол ҳәм мәмлекет раўажланыўының ең әҳмийетли бағдарларынан бири сыпатында аўыл хожалығын белгилеп берип атырған стратегиялық қарар болып есапланады.
Қосымша қун салығы арқалы фермер ҳәм мәмлекет арасындағы қатнасықлар жаңа басқышқа көтерилиўи болса, әлбетте, мәмлекеттиң экономикалық ҳәм социаллық турақлылығында шешиўши әҳмийетке ийе.
Сардор ТОЛЛИБОЕВ,
"Янги Ўзбекистон" хабаршысы