Европа Аўқамының пайтахты - Брюссель жайласқан Бельгия улыўма Европа сиясаты ҳәм экономикалық күн тәртибин қәлиплестириўде әҳмийетли орын ийелейди. Брюссель тек ғана Европаның сиясий орайы емес, ал жетекши халықаралық шөлкемлер, дипломатиялық миссиялар ҳәм финанс институтларының мәплери өз-ара кесилисетуғын майдан болып есапланады. Әйне усы жерде ЕА раўажланыўының тийкарғы бағдарын ҳәм оның сыртқы шериклер менен қатнасықларын белгилейтуғын қарарлар қабыл етиледи.
Болажақ сапар Өзбекстанның еки тәреплеме қатнасықлары ҳәм Европа Аўқамы менен бирге ислесиўи тарийхында әҳмийетли дәўир болады. Сапар етиў даўамында Өзбекстан ҳәм Европа Аўқамы арасында кеңейтилген шериклик ҳәм бирге ислесиў ҳаққындағы жаңа кең көлемли келисимге қол қойылыўы режелестирилген болып, ол өз-ара бирге ислесиўди сапа жағынан жаңа дәрежеге алып шығыўға хызмет етеди.
1992-жылы 15-апрельде Өзбекстан Ҳүкимети ҳәм Европа Аўқамы Комиссиясы арасында өз-ара түсинисиў ҳаққындағы меморандумға қол қойылыўы менен Европа Аўқамлары менен қатнасықларға тийкар салынды. 1994-жылы 16-ноябрьде дипломатиялық қатнасықлар орнатылды, 1995-жылы болса Брюсселде Өзбекстанның елшиханасы ашылды, ол ЕА жанындағы Миссия ўазыйпасын да атқарады. 2011-жылдан берли Ташкентте ЕА делегациясы жумыс алып бармақта.
Өткен дәўирде Европа кеңеси Президентиниң Өзбекстанға үш сапары - 2019, 2022 ҳәм 2025-жылларда, сондай-ақ, Европа комиссиясы Президентиниң 2025-жылдағы сапары әмелге асырылды.
Өзбекстан "Орайлық Азия - ЕА" форматындағы бирге ислесиўди раўажландырыўда белсене қатнаспақта. 2023-жыл 2-июнь күни Шолпаната қаласында Өзбекстан Президенти Орайлық Азия ҳәм Европа Аўқамы жетекшилериниң ушырасыўы шеңберинде Европа кеңеси Президенти Шарл Мишел менен ушырасыў өткерди. Өзбекстан Президенти 2023-жыл 18-сентябрь күни Нью-Йорк қаласында БМШ Бас Ассамблеясының 78-сессиясында қатнасыў шеңберинде Евроаўқам Президенти менен де ушырасты. Өзбекстан Президенти ҳәм Евроаўқам Президентиниң кейинги ушырасыўлары БМШтың климат бойынша саммитлеринде қатнасыў шеңберинде 2023-жыл 1-декабрьде Дубайда ҳәм 2024-жыл 12-ноябрьде Бакуде болып өтти.
Өзбекстан Президентиниң басламасы менен 2025-жыл 4-апрель күни Самарқандта Европа кеңеси ҳәм Европа комиссиясы президентлери Антониу Кошта ҳәм Урсула фон дер Ляйен, сондай-ақ, Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының қатнасыўында "Орайлық Азия - Европа Аўқамы" биринши саммити болып өтти. Европа Аўқамы жетекшилери 2025-жыл 4-апрель күни Самарқанд климат форумының ашылыўында да қатнасты. "Орайлық Азия - ЕА" биринши саммитиниң жуўмақлары бойынша Қоспа декларация қабыл етилип, онда қатнасықлар стратегиялық шериклик дәрежесине көтерилгени жәрияланған, әҳмиетли шийки зат тараўындағы бирге ислесиўди тереңлестириў ниетлери ҳаққындағы декларация қабыл етилген еди.
Өзбекстан ҳәм Европа Аўқамы қатнасықларындағы әҳмиетли жетискенликлерден бири мәмлекетимиз "ГСП+" бас преференциялар системасының бенефициары статусына ийе болып, Европа базарына жеңиллетилген шәртлерде шығыў имканиятына ийе болды. Бул статус тек ғана Өзбекстан өнимлериниң Европаға экспортының өсиўин хошаметлеп қоймастан, ал мәмлекеттиң инсан ҳуқықлары, мийнет стандартлары, қоршаған орталық ҳәм нәтийжели басқарыў тараўындағы раўажланыўының тән алыныўы болды.
"Өзбекстан - ЕА" экономика, саўда ҳәм инвестициялар бойынша киши комитети саўда-экономикалық тараўдағы бирге ислесиўдиң әҳмийетли механизми болып есапланады.
2024-жылы Өзбекстанның ЕА мәмлекетлери менен товар алмасыў көлеми 6,4 миллиард долларды қурады. 2025-жылдың январь-август айларында бул көрсеткиш 4,5 миллиард доллардан асламды, Европа компаниялары менен жойбарлар портфели 30 миллиард евроны қурады.
Өзбекстанның стратегиялық шериклери қатарына «Siemens», «Linde Group», «CLAAS», «Airbus», «Basf», «Alstom», «Total», «Оrano», «OTP Group» ҳәм басқа да корпорациялар киреди. Өзбекстанда ЕА мәмлекетлери инвестицияларының қатнасыўындағы 1069 кәрхана, соның ишинде, Европа капиталының 100 проценти есабынан 304 компания жумыс алып бармақта.
ЕА Өзбекстанның региондағы демократиялық жаңаланыўлар, базар реформалары ҳәм жақсы қоңсышылық қатнасықлары жолын избе-из қоллап-қуўатлап келмекте. Брюссель Өзбекстанды регионның тийкарғы шериклеринен бири сыпатында көрип, Орайлық Азияда энергетика ҳәм транспорт инфраструктурасын, суў ресурсларын, санластырыў ҳәм билимлендириўди раўажландырыў жойбарларына белсене тартылған.
Европа Аўқамы менен мәдений-гуманитарлық тараўдағы бирге ислесиў де өсип баратырғанын көрсетпекте. Өзбекстан ЕАның 2021-2027-жылларға мөлшерленген "Эразмус+" билимлендириў бағдарламасы ҳәм ЕАның 2021-2027-жылларға мөлшерленген "Горизонт Европа" изертлеў бағдарламасының белсенди қатнасыўшыларынан бири болып есапланады.
ЕА менен кеңейтилген шериклик ҳәм бирге ислесиў ҳаққында жаңа келисимге қол қойылыўы Өзбекстанның Европа менен өз-ара түсинисиў, ашық-айдынлық ҳәм исенимди беккемлеўге қаратылған избе-из сыртқы сиясатының логикалық даўамы болады. Ҳүжжет саўда ҳәм инвестициядан баслап илим, технология, мәденият ҳәм қоршаған орталықты қорғаўға шекем болған кең көлемли тараўларды қамтып алады.
Бул келисим тек ғана экономикалық байланысларды тереңлестириў емес, ал сиясий сөйлесиўди кеңейтиў, турақлы раўажланыўды тәмийинлеў ҳәм глобаллық қәўип-қәтерлерге биргеликте жуўап қайтарыў қуралына айланады. Ол Өзбекстанның алдын ала болжай алатуғын, прагматикалық ҳәм тынышлық сүйиўши сиясатты әмелге асырып атырған исенимли шерик сыпатында тән алыныўының белгиси болып есапланады.
Сапар етиў даўамында мәмлекетимиз басшысы Бельгия Патшасы Филипп пенен ушырасады. Бельгия Өзбекстанның Европадағы әҳмийетли шериклеринен бири.
Өзбекстан менен Бельгия арасындағы қатнасықлар өз-ара ҳүрмет ҳәм исеним тийкарында раўажланып бармақта. Кейинги жылларда сиясий сөйлесиў жеделлескени, экономикалық байланыслар артып, гуманитарлық бирге ислесиў кеңейип атырғаны бақланбақта. Еллеримиз арасында саўда, инвестициялар, инновациялар, "жасыл" энергетика, логистика, билимлендириў, мәденият ҳәм басқа да тараўларда конструктивлик бирге ислесиў алып барылмақта.
Бельгия тәрепи Өзбекстанда Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында экономиканы либералластырыў, нызам үстинлигин беккемлеў, пуқаралық жәмиетин раўажландырыў ҳәм мәмлекеттиң ашық-айдынлығын арттырыўға қаратылған реформалардың нәтийжелерин унамлы баҳалайды. Брюссель Ташкенттиң турмыстың барлық тараўларын модернизациялаў бағдарындағы ҳәрекетлерин қоллап-қуўатлап, реформалар турақлы раўажланыўға ҳәм Өзбекстанға халықаралық исенимди беккемлеўге хызмет етип атырғанын атап өтеди.
Солай етип, Өзбекстан Президентиниң Брюсселге болажақ рәсмий сапары ҳәм Европа Аўқамы менен жаңа кең көлемли Келисимге қол қойылыўы Өзбекстан дипломатиясы тарийхында әҳмийетли ўақыя болады. Бул қәдем Өзбекстанның Европа бағдарындағы орнын беккемлеп ғана қоймастан, бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў, саўданы кеңейтиў, инвестицияларды тартыў, технологиялар, инновациялар ҳәм идеялар алмасыўы ушын күшли түртки болады. Бельгия ҳәм Европаның пайтахты, Европа ҳәм халықаралық дипломатияның орайы - Брюссель Европаның Өзбекстанға исеними артып атырғанын, оның Евроазияда турақлылық, избе-из раўажланыў ҳәм өз-ара түсинисиўди тәмийинлеўдеги әҳмийетли ролин тән алатуғынын тастыйықлайтуғын майданға айланады.
"Дунё" МА.