Ушырасыўда еки тәреплеме бирге ислесиўди раўажландырыўдың әҳмийетли мәселелери, сондай-ақ, Ташкент ўәлаяты исбилерменлери делегациясының Саудия Арабстанына болажақ сапары ҳаққында сөз болды.
Сапар етиў шеңберинде Саудия - Өзбекстан бизнес форумы, Ташкент кәрханаларының өнимлери көргизбеси, Саудия Арабстанының мәмлекетлик уйымлары ҳәм ири компанияларының ўәкиллери менен бир қатар ушырасыўлар өткерилиўи режелестирилген.
Мағлыўмат ушын: ACWA Power Саудия Арабстанының жетекши энергетика компаниясы болып, электр энергиясын ислеп шығарыў, суўды душшыландырыў, қуяш ҳәм самал энергетикасын раўажландырыў, "жасыл водород" жойбарларына қәнигелескен.
Компания 2004-жылы шөлкемлестирилген, бас резиденциясы Ар-Рияд қаласында жайласқан. ACWA Power Жақын Шығыс, Африка ҳәм Азиядағы 12 ден аслам мәмлекетте стратегиялық жойбарларды әмелге асырмақта.








