"Tata Steel Chess-2025": 10-тур босағасында Нодирбек Абдусатторов 2-орынды ийелеген

    Спорт 29 қаңтар 2025 1267

    Нидерландияның Вейк-ан-Зее қаласында даўам етип атырған "Tata Steel Chess-2025" турнириниң 9-турында Нодирбек Абдусатторов қара даналарда АҚШ ўәкили Фабиано Каруана менен теңликке еристи.

    Чемпионлыққа тийкарғы талабанлардан бири ҳиндстанлы Доммаражу Гукеш ақ даналарда ўатанласы Леон Люк Мендонканы жеңип шықты. 3-орында жүрген Рамешбабу Праггнанандҳа нидерландиялы Аниш Гириге имканиятты берип қойды. 5 очко менен кейинги басқышта жайласқан россиялы ҳәзир Словенияны қорғап атырған Владимир Федосеев ҳиндстан ўәкили Пентала Харикришнаны жеңди.

    Әйне усы нәтийжелерден кейин Доммаражу Гукеш 6,5 очко менен жеке жетекшиликке айланды. 6 очкоға ийе Нодирбек Абдусатторов ҳәм Владимир Федосеев 2-ҳәм 3-орынларды ийелеп тур.

    "Челленжер" топарындағы "урыслар" да келисимсиз түрде даўам етпекте. Журтласымыз Нодирбек Ёқуббоев кеше өткен 9-тур беллесиўинде нидерландиялы Ервин Л‘ами менен теңбе-тең ойнады.

    Бүгин, 29-январь күни халықаралық турнирдиң 10-тур ойынлары шөлкемлестириледи. Онда Нодирбек Абдусатторов ақ даналарда 5 очкоға ийе сербиялы Алексей Сарана менен күш сынасады.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates