"Тата Стеэл Чесс-2025"тиң дәслепки түринде Абдусатторов тең болып, Яқуббоев жеңиске еристи

    Спорт 20 қаңтар 2025 1213

    Нидерландияның Вейк-ан-Зее қаласында шахмат бойынша дәстүрий тәризде өткерилип киятырған "Тата Стеэл Чесс-2025" турнириниң быйылғы жарысларында Абдусатторов тең болып, Яқуббоев жеңиске еристи.

    ӨзАның жазыўынша, "Мастерс" топарында жеңимпазлық ушын гүрес алып барып атырған жерлесимиз Нодирбек Абдусатторов 1-турда қара даналарда ҳиндстанлы Рамешбабу Прагнанандха менен күш сынасты.

    Өзине тән өткен гүрестиң 42-жүриў жағдайындағы теңлик тәреплердиң келисиў жолын таңлаўына алып келди.

    Халықаралық турнирдиң 2-турында Абдусатторов және бир ҳиндстанлы Леон Люк Мендонка менен ақ даналарда күш сынасады.

    Жарыстың "Челленжер" топарында дана қозғатып атырған Нодирбек Яқуббоев дәслепки турда ҳиндстанлы Дивья Дешмух пенен ушырасты. Ушырасыўдың 48-жүриў жағдайында қара даналарда ҳәрекетленген жерлесимиз жеңисти салтанатланды.

    Енди турнирдиң 2-турында Яқуббоев ақ даналарда қазақстанлы Казебек Ногербек пенен беллесиў өткереди.

    -тур жуўмақларына бола, Абдусатторов 8 шахматшы сыяқлы 0,5 очко менен қосымша көрсеткишлер бойынша 4-орынды ийелеп тур.

    13 турдан ибарат "Тата Стеэл Чесс-2025" жарыслары 2-февральға шекем даўам етеди.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates